Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Жаслардың руўхый тәрбиясының беккемлениўинде китаптың тутқан орны» атамасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди.

Сәўбетлесиў кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ўәкиллери, партия белсендилери ҳәм китапқумар жаслар қатнасты.

Кешеде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды.

Мәжилисте, руўхый-ағартыўшылық жумысларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары белгиленген еди.

Сәўбетлесиў кешесинде, жаслардың мәнаўиятын раўажландырыў, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мәселелери ҳаққында мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар бойынша түсиниклер берилип, бул бағдарда бирге ислесиў мәселелери додаланды.

– Президентимиз усы мәжилисте, егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады. Биз жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем таянышқа сүйенемиз. Бириншиси – базар принциплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси – ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдирятларына тийкарланған күшли мәнаўият, деген еди,-дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов. – Париямыздың сайлаўалды бағдарламасында жасларды китапханаларға кең түрде тартыў, жас әўладты биринши гезекте, китапқа қызығыўшылық ҳәм ҳүрмет-иззет руўхында тәрбиялаў, халқымыз арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәселелери де белгиленген.

Мине, усы мәжилисте миллий идеяны үгит-нәсиятлаў, руўхый-ағартыўшылық  жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў,  жәмийетте әдебият ҳәм китапқумарлықты және де раўажландырыў мақсетинде «Ижод» жәмийетлик қоры негизинде Мәнәўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў қорының шөлкемлестирилетуғынлығы атап өтилген еди.

Сәўбетлесиў кешесинде сөзге шыққанлар бул бағдардағы жумыслар еле де күшейтилетуғынлығын атап өтти.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги