Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен Салық кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар және «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў, әҳмийетин исбилерменлер менен кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди. Оған тараў қәнигелери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарда қәнигелер Салық кодексине киргизилген тийкарғы өзгерислер ҳәм қосымшалар, 2021-жылдағы салық нызамшылығындағы жаңалықлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, қосымша қун салығын төлеўши (ҚҚС) кәрханалар шеңберин кеңейтиў ҳәм ҚҚС шынжыры үзилиўиниң алдын алыў мақсетинде түсим өлшемине қарамастан алкоголь өнимлерин, сондай-ақ, пивоны усақлап сатыў бойынша турғын саўда шақапшалары, базар ҳәм саўда комплекслери ҚҚС төлеўши кәрханалар есапланатуғыны белгиленген.

– Бүгинги илажда өзимди қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап табыў менен бирге, өз усынысларымды да билдирдим,- дейди исбилермен Бекмурат Сейтмуратов. – Әлбетте бундай семинарлар, ушырасыўлардың өткерилиўи биз исбилерменлер ушын пайдалы болмақта.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги