Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-ноябрь күни нефть-газ санаатындағы перспективалы жойбарлардың жағдайына байланыслы презентация менен танысты.

Нефть-газ химиясы-қосымша қун жарататуғын, экспортта үлкен орын ийелейтуғын тармақ. Өзбекстанда шийки зат ресурсларын терең қайта ислеп, экономикалық нәтийжелиликти көбейтиў мақсетинде көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, тәбийғый газди терең қайта ислеў бойынша дерлик 9 миллиард долларлық 52 жойбар белгиленген. Соннан 15 и органикалық емес химия, 23 и органикалық химия, 12 си полимерлер бойынша. Және бир жойбарға бола, жаңа түрдеги полимер өнимлер бойынша илимий изертлеў ҳәм тәжирийбелер өткерип, жойбарларды тиккелей өндириске енгизетуғын және жетик қәнигелер таярлайтуғын инновациялық орай шөлкемлестириледи.

Усыныс етилген барлық жойбарлар нәтийжесинде  4,1 миллиард доллар баҳасындағы өнимлер ислеп шығарылып, 1,1 миллиард долларлық импорт орнының толтырылыўы ҳәм 1,45 миллиард долларлық экспорт тәмийинлениўи мүмкин. Жәми 6 мың 500 ге шамалас жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Көбикли полипропилен, ағаш-полимерли композит лист, водород пероксиди, карбоксиметилцеллюлоза тийкарында реагентлер, карбамид формальдегид концентраты, сульфат кислота, карбонат ангидрид газинен сода ислеп шығарыў сыяқлы перспективалы жойбарлар келеси жылға иске қосылады. Поливинилхлорид, каустикалық сода ҳәм метанол заводының екинши басқышы және компрессорды жуўатуғын санаат майы кәрханасы бойынша жумыслар басланады.

Презентацияда усы жойбарлардың орынланыўы барысы, бул бағдардағы халықаралық келисимлердиң нәтийжелери бойынша мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы оларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын сырт елли шериклер ҳәм инвесторлар менен жумысларды жеделлестириў керек екенлигин атап өтти.

Шийки зат базасын беккемлеў, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң өзине түсер баҳасын түсирип, ишки ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тармақлар басшыларының шийки затты терең қайта ислеў және сыртқы базарда талап күшли болған, жоқары қосымша қунлы өнимлер таярлаўға қаратылған жаңа жойбарларды ислеп шығыў бағдарындағы жумысы сын көз қарастан баҳаланды.

Усыған байланыслы газ-химия тараўын 2021-жылы раўажландырыўдың жаңа бағдарларын белгилеў, жойбарларды әмелге асырыўды тезлестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, электр тармақларында шығынларды бир қанша қысқартыў ҳәм үзилислердиң алдын алыў, тармақ кәрханаларының қаржы турақлылығын  арттырыў мақсетинде энергетика тараўын санластырыў жумысларын тезлетиў ўазыйпасын қойды.

 

ӨзА