Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары күни кеше «Чашма» шегараалды аймағында жүз берген ҳәдийсеге байланыслы мәселелерди ҳәр тәреплеме көрип шығып, ондай жағдай басқа қайталанбаўы ушын жетик илажлар қабыл етиў зәрүр екенин атап өтти. Ҳүкимет делегациялары өткерген сөйлесиўлердиң пайдалы нәтийжелери қанатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы бар мәселелерди тәртипке салыў және әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында жаңа өсиў бағдарларын анықлаўға қаратылған ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў бойынша келисип алынды.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссиясы және Шегаралас ўәлаятлардың ҳәкимшилик басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилислерин өткериў усынысы қоллап-қуўатланды.

Сөйлесиў ўақтында коронавирус пандемиясы тарқалыўының ақыбетлерине қарсы гүрес бойынша жақыннан бирге ислесиўди ҳәм уйымлараралық алмасыўларды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентлер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қырқызстан арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да беккемлеўде исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

 

ӨзА