Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде барлық тараўлар сыяқлы жоқары билимлендириў мәкемелери (ЖБМ) арасындағы бәсеки де барған сайын күшейип бармақта. Бул процессте болса Жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтинг көрсеткиши үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм өндирис арасындағы тығыз байланысты тәмийнлеў ҳәм инновациялық бирге ислесиўди орнатыў еки тәреплеме де оғада әҳмийетли болып есапланады. Бүгинги күнде билимлендириў ҳәм илимниң заманагөй базар талапларына жуўап беретуғын, жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыўға бағдарланған инновациялық  экономиканың технологиялық базасын жаратыў бойынша үлкен имканиятларға ийе екенлиги Жоқары билимлендириў мәкемелери ушын  бюджеттен тысқары қаржылар табыў имканиятын береди. Оның қаржылай еркин болыўына имканиятлар жаратады ҳәм нәтийжеде, рейтинг көрсеткишиниң өсиўине унамлы тәсир етеди. Бирақ, ҳәзирги күнде Жоқары билимлендириў мәкемелеринде ислейтуғын көпшилик илимпазлардың илимий жумыслары өндиристе қолланылмайды. Буған өндирис кәрханалары ҳәм Жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўлер талап дәрежесинде емеслиги себеп болып есапланады. Соның менен бирге көплеген илимпазлардың илимий жумыслары теориялық характерге ийе ямаса өндирис пенен улыўма байланыслы  емес. Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм өндирис кәрханалары арасында өндирис нәтийжесин  арттыратуғын белгили бир мәселелер, инновациялар, қолланбалар үстинде ислеў механизми жолға қойылмаған. Бир мүддет алдын бул мәселени раўажландырыў ушын Жоқары билимлендириў мәкемелеринде инновациялық  топарлар дүзилди ҳәм олардың ислеў режелери де тастыйықланды. Бирақ ҳәзирше күтилген нәтийжелер алынбады. Бул процесстиң  төменлигине көпшилик Жоқары билимлендириў мәкемелеринде заманагөй үскенеленген лабораториялардың жоқлығы да себеп болады. Өндириске интеграциялаў мүмкин болған көплеген билимлендириў тараўларындағы илимий жумыслардың нәтийжелилиги, әлбетте, ҳәзирги заманға сай үскенеленген илимий лабораторияларға байланыслы. Бул илимий лабораторияларда теориялық илимий жумыслар тәжирийбелерде дәлилленеди ҳәм олардың өндиристе қолланылыўы үйрениледи. Соның ушын да Жоқары билимлендириў мәкемелеринде заманагөй үскенеленген илимий лабораториялардың шөлкемлестирилиўи билимлендириў, илим ҳәм өндирис интеграциясының нәтийжелилигин жетерли дәрежелерге алып шығыўға имканият береди.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтинги анықланғанда профессор-оқытыўшылардың илимий жумысы, оқыў-методикалық жумыслар, оқытыў сапасы, студентлердиң билими ҳәм питкериўшилердиң дәрежеси тийкарғы көрсеткиш сыпатында қаралады. Бул көрсеткишлердиң барлығы усы Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги профессор-оқытыўшылардың илимий-педагогикалық дәрежесине байланыслы.

Көпшилик Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий дәрежеге ийе  профессор-оқытыўшылардың саны азлығына байланыслы, илимий перспектива көрсеткишин көтериў зәрүр болған көпшилик жас ассистентлер, үлкен оқытыўшылар тек  сабақ өтиў менен  шекленип қалмақта. Оның тийкарғы себеби, тиккелей таңлаў менен жумысқа қабыллаўда бәсекиниң жоқлығы болып есапланады. Қайсы Жоқары билимлендириў мәкемелеринде педагог хызметкерлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыллаўда бәсеки күшли болса, прпофессор-оқытыўшылардың дәрежеси де жоқары болады ҳәм Жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтинги заман талабы дәрежелерине жетеди.

Бизге белгили, Жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәр бир профессор-оқытыўшы жумысын даўам еттириў ушын ҳәр бес жылда өзиниң ийелеп турған лаўазымы ямаса басқа лаўазымға таңлаў тийкарында конкурстан өтеди. Ҳәр бес жылда оның ийелеп турған даўазымы вакант есапланады ҳәм бул ҳаққында Жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен таңлаўға бир ай қалғанда ҒХҚда жәрияланады. Усы вакант лаўазым ушын қойылған таңлаўда Жоқары билимлендириў мәкемелерин оқыў бес жыллық дәўиринде ямаса магистратураны питкергенлиги ҳаққындағы, доцент ҳәм профессор лаўазымларына қосымша тән түрде доцент ҳәм профессор илимий дәрежелери ҳаққындағы дипломлары, таңлаў болып атырған лаўазым билимлендириў бағдарына тән болған қәлеген шахс қатнасыўы мүмкин. Бирақ, оғада көп жағдайларда бул лаўазымды ийелеп келген оқытыўшының өзинен басқа ҳеш ким таңлаўға ҳүжжет тапсырмайды, яғный бәсеки улыўма болмайды.

Тилекке қарсы жағы сонда, таңлаўда қатнасып атырған профессор-оқытыўшылар бул жағдайды, яғный таңлаўдан бәсекисиз өтетуғынын жақсы биледи. Соның ушын да олар өз үстинде ислеп, илимий дәрежесин арттырыўға мүтәжлик ҳәм мотивация сезбейди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытыўшылардың илим кандидаты ямаса илим докторы дәрежесин алғаннан кейин тийкарынан сабақ өтиў менен шекленип қалмақта. Профессор-оқытыўшылардың Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим менен турақлы шуғылланбайтуғынлығы, илимий мектеплер жолға қойылмағанлығы себепли де илимий потенциал көрсеткишлери өзгериссиз қалмақта.

Әлбетте, илимий жумыслар менен шуғылланыў ушын адамнан белгили бир бағдар бойынша күшли билим, талант, энтузиазм ҳәм басқада белгилер талап етиледи. Тилекке қарсы Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқытыўшы сыпатында жумысқа қабыл етилип атырған магистр дипломына ийе айырым жас оқытыўшылар, сондай-ақ, магистратурада оқып атырған магистрлардың көпшилигинде бул  белгилер жоқ. Ең тийкарғы илимий жумыс ислеў ушын олардың билими жетерли емес. Соның ушын олардың бир бөлеги магистратураны пикергеннен кейин Жоқары билимлендириў мәкемелерине емес басқа тараўларға жумысқа  өтип кетеди. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде қалған кадрлардың билим-дәрежеси илимий жумыс пенен шуғылланыў ушын жетерли дәрежеде, – деп айта алмаймыз. Соның ушын да олар тек сабақ өтиў менен шекленип қалмақта. Олардың сабақ өтиў сапасы да билимине жараса, соның ушын бул жағдайлар студентлердиң наразылығына алып келмекте.

Жуўмақлап айтқанда, магистратураға қабыл етиў ҳаққындағы Режени түп-тийкарынан өзгертиў лазым! Кириў имтиханларының ашық-айдынлығын және де арттырыў арқалы тек күшли билимли, талантлы студентлерди таңлап алыўға ерисиўимиз зәрүр.

Соның менен бирге магистратура питкериўшилери Жоқары билимлендириў мәкемелерине стажер-оқытыўшы ямаса ассистент лаўазымына жумысқа қабыл етилгенинде еки тәреплеме шәртнама усы манистранттың кейинги 7 жыл ишинде PhD  илимий дәрежесин алыўы, болмаса шәртнама Жоқары билимлендириў мәкемеси баслығы тәрепинен бир тәреплеме бийкар етилетуғыны көрсетилиўи керек. Бул кейин ала талап болса да жумысқа қабыл етилген магитрдың тез илимий жумысларға кирисиўине ҳәм илимий дәреже алыўына себеп болады. Нәтийжеде Жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий потенциалы интенсив артып барыўы тәмийинленеди.

Жуўмақ орнында соны айтыў мүмкин, Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 25-августтағы 246-санлы Қарарының 1-қосымшасы менен өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген Жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаўда қатнасыў ушын стажер-оқытыўшы, ассистент оқытыўшы, үлкен оқытыўшы, доцент ҳәм профессор лаўазымларына қойылатуғын талапларды күшейтиў зәрүр. Нәтийжеде талап етилип атырған шәртлерди орынлаў ушын профессор-оқытыўшылар бес жыл даўамында өз үстинде тынымсыз ислеп, маманлығын арттырып барады. Әне усындай жағдай болса, Жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў-методикалық жумыслары, оқытыў сапасы ҳәм илимий потенциалының артыўын ҳәм рейтинг көрсеткишиниң жоқары болыўын тәмиийнлейди.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Муҳаммед ВАЛИЕВ,

Олий Мажлис Нызамшылық Палатасының

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт

мәселелери комитетиниң ағзалары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги