Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен «қызыл» категорияға киргизилген аймақларда төмендеги хызмет түрлерине рухсат бериледи:

 

– азық-аўқат саўда дүканлары, азық-аўқатлық емес өнимлер көтере сатылатуғын саўда дүканлары, қурылыс материаллары базарлары, тигиўшилик цехлары, коммерциялық банклердиң объектлердеги шақапшалары (кассалары), химиялық тазалаў, нотариаллық кеңселер, адвокатура ҳәм қамсызландырыў шөлкемлери, аяқ-кийим оңлаў устаханалары, шарўашылық, терини қайта ислеў кәрханалары, жедел түрде аўқат таярлаў орынлары (жеткерип бериў ҳәм алып кетиў ушын), медициналық мәкемелердиң жумыслары;

 

– аўыл хожалығы өнимлерин топлаў, орынларға жеткериў ҳәм сатыў, туқым ҳәм нәл жетистириў және оларды сатыў, автомобильлерге аўысық бөлеклер сатыў, өнермент ҳәм усталар, олар тәрепинен исленген буйымларды базарлардан тысқары өз алдына жайласқан орында (дүкан) сатыў;

 

– объектлерде қурылыс, реконструкция ислеў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў, жеке тәртиптеги қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары, жеткерип бериў хызмети;

 

– көп этажлы турақ жайлардың тиккелей алдында ҳәм ишки ҳәўли аймақларында социаллық аралықты сақлаған ҳәм нықап таққан ҳалда сейил етиў.

 

Еслетип өтемиз, биринши – «қызыл» категориядағы аймақлар – соңғы 14 күн ишинде коронавирус инфекциясына шалынған адамлар анықланған аймақлар болып, оларға төмендеги аймақлар киргизилди:

 

– Қарақалпақстан Республикасы;

– Әндижан ўәлаяты;

– Наманган ўәлаяты;

– Ферғана ўәлаяты;

– Самарқанд ўәлаяты;

– Ташкент ўәлаяты;

– Бухара ўәлаяты;

– Сырдәрья ўәлаяты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.