Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП–5969-санлы ҳәм 2020-жыл 3-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, экономика  тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП–5978-санлы пәрманларына муўапық, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, экономика тармақларының турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Исбилерменлик субъектлерине жеңиллик ҳәм преференциялар берилди, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын шөлкемлердиң хызметкерлерине мийнет ҳақы, сондай-ақ, пенсия, стипендия ҳәм напақалардың үзликсиз төлеп берилиўи тәмийинленди.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў дәўиринде тийкарғы дәрамат дәреклерин жойытқан шахсларды, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәм исбилерменлик субъектлерин қосымша қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2020-жыл 1-апрельден 2020-жыл 1-октябрьге шекем:

а) Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондына, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорына, «Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик фондына, соның ишинде, олардың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардағы бөлимлерине, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қәлиплестирилетуғын социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған физикалық тәреплердиң дизимине киргизилген физикалық тәреплерге бийғәрез берилетуғыны:

пул қаржылары ҳәм товарлар (хызметлер)ға пайда салығын есаплаўда шегирилетуғын қәрежетлер сыпатында қаралатуғыны;

товарлар (хызметлер) қосымша қун салығынан азат етилетуғыны ҳәм айланыстан алынатуғын салық бойынша салық салыў объектине киргизилмейтуғыны;

б) Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондынан, «Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик фондынан, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын бийғәрез жәрдем (пул қаржылары, товарлар ҳәм хызметлер)ге, егер жәрдем алатуғын шахслар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қәлиплестирилетуғын социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған физикалық тәреплердиң дизимине киргизилген болса, физикалық тәреплердиң дәраматы сыпатында қаралмайтуғыны;

в) физикалық тәреплерге турақ жайларды физикалық тәреплерге ҳәм коронавирус пандемиясы дәўиринде жумысы тоқтаған исбилерменлик субъектлерине турақ жай емес жайларды ижараға бериўден алынған физикалық тәреплерден алынатуғын дәраматлар бойынша салықты процентсиз кешиктирип төлеў ҳуқықы берилетуғыны. Онда, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеў бойынша берилген кешиктириў суммасы 2021-жыл 1-апрель мүддетине шекемги төлеў үлеслеринде төлениўи керек екенлиги;

г) лизинг кәрханалары тәрепинен есапланған ҳәм кешиктирилген лизинг бойынша процент дәраматларының суммасы пайда салығын есаплаўда кешиктириў берилген дәўирдеги жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны;

д) коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў Мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациялаў тәртиби исбилерменлик субъектлериниң әмелдеги кредит шәртнамаларына да енгизилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020-жылы хызметкерге төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығына тартылмайтуғын материаллық жәрдем суммасы мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 4,22 есесинен 7,5-есесине шекем арттырылады.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлигиниң пенсиялар дурыс тайынланыўы ҳәм төлениўи бойынша тексериўлериниң нәтийжесинде анықланған, артықша төленген пенсиялар бойынша 2020-жыл 20-апрель ҳалатына пенсионерлердиң қарыздарлық суммасын есаптан шығарыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. 2020-жыл 1-майдан баслап барлық жумыс ислейтуғын пенсионерлерге (Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан пенсия алыўшы шахслардан тысқары) пенсиялардың төлеми тиккелей Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП–5978-санлы Пәрманының 6-бәнтинде нәзерде тутылған әпиўайыластырылған тәртипте салықларды төлеў бойынша процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) бериў мүддети 2020-жыл 31-декабрьге шекем созылатуғыны белгиленсин.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) берилген ҳәм келешекте төленетуғын салық суммаларын төлеў бойынша мүддетти бийғәрез тәризде, бирақ еки жылдан артпастан белгилеў ҳуқықына ийе екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Қаржы министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киигизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 27-апрель