USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 15 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТУРАҚЛЫ ПРОПИСКА ЕТИЎ ҲӘМ ЖАСАЎ ОРНЫ БОЙЫНША ЕСАПҚА АЛЫЎ ТӘРТИБИН РЕФОРМАЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың  бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқараларының мәмлекет аймағында бир орыннан екинши орынға көшиў бағдарындағы ҳуқықы менен еркинликлерин тәмийинлеў кепилликлерин беккемлеў мақсетинде:

1.Кең жәмийетшиликтиң пикирлерин есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Министрлер Кабинети ҳәм Ишки ислер министрлигиниң руқсат бериў өзгешелигине ийе болған турақлы прописка етиў системасынан басқышпа-басқыш хабар бериў өзгешелигиндеги дизимнен өткериў системасына өтиў ҳәм биринши басқышта төмендегилерди әмелге асырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:

«турақлы прописка етиў» ҳәм «жасаў орны бойынша есапқа алыў» түсиниклерин «турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў» ҳәм «ўақтынша жасаў орны бойынша дизимге алыў» түсиниклерине өзгертиў;

пуқараларға биринши ҳәм екинши дәрежедеги туўысқанларын өзи турақлы жасаў орны бойынша дизимде турған мәнзил менен бир қатарда ийелигинде болған турақ жай майданына турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў имканиятын жаратыў;

турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў ушын ерли-зайыптың некеден кейин бир жыл даўамында биргеликте жасаў шәрти ҳәм бир жыл ишинде неке бийкарланған жағдайда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы жоғалтылыўы ҳаққындағы қағыйданы алып таслаў;

шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) шахслар олардың тутынған ата-анасының турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўы;

алдын Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған пуқаралар турақлы жасаў ушын тийислисинше қайтып келгенинде, оларды Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятына ҳеш қандай тосқынлықларсыз турақлы жасаў орны бойынша қайта дизимге алыў;

тийисли лаўазымларға сайланған, тайынланған, тастыйықланған пуқараларға ҳәм республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа мирәт етилип атырған жоқары маман кәнигелери ушын лаўазымды ийелеп турыў дәўирине берилетуғын турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныў ҳуқықына шеклеўди бийкар етиў;

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында жайласқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде 5 жыл мүддет даўамында үзликсиз жумыс ислеп атырған қәнигелерди (техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм өндирис хызметкерлеринен тысқары) усы аймақларда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў;

республиканың басқа да аймақларында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқаралары Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы жаңадан қурылған турақ жайларды сатып алып, үш жыл ишинде сатқан жағдайларда мәмлекетлик бажының айрықша ставкаларын қолланыў тәртибин бийкар етиў.

Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған талаплардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарын киргизсин.

2. а) 2020-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында көшпес мүлкти алыўда Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын усы аймақларда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынғаны талап етилмейтуғыны;

б) Өзбекстан Республикасы пуқараларын турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыўға байланыслы жумыслар уйымлараралық электрон бирге ислесиў арқалы «бир айна» принципи тийкарында Ишки ислер министрлигиниң «Мәнзил» автоматластырылған мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – «Мәнзил» системасы) қуралында әмелге асырылатуғыны. Онда Өзбекстан Республикасы пуқараларын «Мәнзил» системасы арқалы турақлы жасаў орны ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыў:

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында – 2020-жыл 1-сентябрьден;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – 2021-жыл 1-январьдан баслап әмелге асырылатуғыны;

в) турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыў тәртибин бузғанлығы Өзбекстан Республикасы пуқараларын тийисли аймақ ҳәм мәнзилден шығарып жибериў ушын тийкар болып есапланбайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3. а) 2020-жыл 1-сентябрьден төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилетуғыны:

Өзбекстан Республикасы пуқараларының турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимнен өтпестен жасаў мүддети 15 күн есапланатуғыны;

турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыўды рәсмийлестириў бир күн ишинде әмелге асырылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы пуқараларын турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўда алдынғы турақлы жасаў орнынан дизимнен шығыў тәртиби бийкар етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы пуқараларына турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўын рәсмийлестириўде паспорт, үй дәптери ямаса шаңарақ карточкасына дизимге алыў штампын басыў әмелияты бийкар етилетуғыны;

турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўда әскерий хызметке мәжбүрлердиң қорғаныў жумысларының бөлимлерине әскерий есаптан шығыў ҳәм әскерий есапқа алыныў ушын барыў тәртиби бийкар етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы пуқарасы тәрепинен салық уйымларында есапқа алынған ижара шәртнамасы ҳаққында мағлыўмат усынылғанда ўақтынша жасап турған орны бойынша  дизимге алыныўда турақ жай ийесиниң келисими талап етилмейтуғыны;

б) туўылған балаға пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары тәрепинен туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты рәсмийлестириў ўақтында әкеси ямаса анасының турақлы жасаў орны бойынша дизимнен өткен мәнзилине уйымлараралық электрон бирге ислесиў арқалы мағлаўматларды киргизиў жолы менен оны турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыў тәртиби енгизилетуғыны;

в) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының белгили аймағында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқаралары тийислисинше усы аймақтың басқа мәнзилинде жасаса, жасап турған орны бойынша ўақтынша дизимге алыныўы шәрт емеслиги ҳәм ол паспорт системасының қағыйдаларын бузған деп есапланбайтуғыны белгиленсин.

4. «Мәнзил» системасының «бир айна» принципи тийкарында толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде:

а) Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги;

2020-жыл 1-августқа шекем Өзбекстан Республикасы пуқараларын онлайн тәризде әскерий есапқа алыў ҳәм есаптан шығарыў системасын енгизсин;

2021-жыл 1-январьға шекем әскерий есап ҳүжжетлерин автоматластырыў мақсетинде картотека мағлыўматларын физикалық тәрептиң жеке идентификация санына жалғаған ҳалда цифрластырыў илажларын көрсин;

усы Пәрманның 2-бәнти «б» киши бәнтинде белгиленген мүддетлерден келип шыққан ҳалда, «Автоматластырылған мәлимлеме системасы ҳәм мағлыўматлар базасы» автоматластырылған мәлимлеме системасын Ишки ислер министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен биргеликте «Мәнзил» ҳәм «Сырт елге шығыў паспорты» мәлимлеме системалары менен интеграцияласын;

әскерий есап ҳүжжетлерин, әскерий хызметке мәжбүр пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматларды аймақлық қорғаныў ислери бойынша бөлимлерине реал ўақыт режиминде электрон система арқалы жибериў ушын Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайының мағлыўматлар базасы менен уйымлараралық электрон бирге ислесиўди жолға қойсын;

б) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Ишки ислер министрлиги менен биршеликте 2020-жыл 1-августқа шекем «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының бирден-бир электрон архиви» мәмлимлеме системасын «Мәнзил» системасына интеграцияласын;

в) Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги 2020-жыл 1-сентябрьге шекем жас өспиримлерди туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы мағлыўматларына ҳәм ер жеткенлерди физикалық тәрептиң жеке идентификация номерине байланысқан ҳалда қәўендерлик ҳәм қайырқомлықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң электрон базасын жаратсын және оны Ишки ислер министрлиги менен биргеликте «Мәнзил» системасына интеграцияласын;

г) Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық аппарат комплексин Ишки ислер министрлиги менен биргеликте «Мәнзил» системасына интеграцияласын;

д) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Ишки ислер министрлиги менен биргеликте есапқа алынған ижара шәртнамалары бойынша ижарашы ҳәм турақ жай ийесиниң физикалық тәрептиң жеке идентификация номери ҳәм көшпес мүлктиң кадастр номери ҳаққындағы мағлыўматларды усыныў мақсетинде «Салық» мәмлимлеме системалары комплексин «Мәнзил» системасына интеграцияласын;

е) Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети усы Пәрманның 2-бәнти «б» киши бәнтинде белгиленген мүддетлерден келип шыққан ҳалда:

уйымлараралық электрон бирге  ислесиў системасы тийкарында «Мәнзил» системасына көшпес мүлк ийеси ямаса оның юридикалық мәнзили өзгергенде, көшпес мүлк объектлериниң мәнзиллери бирден-бир реестрине өзгерген мағлыўматларының өзгерилиўин;

көшпес мүлк ийеси болған физикалық тәрептиң жеке идентификация номери болмағанда, «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасынан пайдаланып ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда, оны Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар базасынан алыўды жолға қойсын;

ж) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:

еки ҳәпте мүддетте халыққа усынылып атырған электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў шеңберинде электрон санлы имза орнына шахсты тастыйықлаўдың альтернатив түрлерин, соның ишинде, мобиль байланыс телефон номерлери арқалы шахсты тастыйықлаўдың қосымша иканиятларын жаратыўды нәзерде тутатуғын Министрлер Кабинети қарары жойбарын киргизсин;

усы Пәрманның 2-бәнти «б» киши бәнтинде белгиленген мүддетлерден келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы пуқараларын турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыў жумысларын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырыў имканиятын жаратсын.

Онда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлар министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети «Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын басқарыў орайы» МУК пенен биргелитке 2020-жыл 1-августқа шекем Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында Өзбекстан Респбликасы пуқараларын турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыўға байланыслы процесслерди әмелге асырыў мақсетинде тийисли мәлимлеме системаларын Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына интеграцияласын.

5. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қорғаныў министрлигиниң мүрәжатына муўапық 2021-жыл 1-январьға шекем Қорғаныў министрлигиниң «Автоматластырылған мәлимлеме системасы ҳәм мағлыўматлар базасы» системасын енгизиў ушын район (қала)лық қорғаныў ислери бойынша бөлимлериниң белгиленген тәртипте Электрон ҳүкиметтиң уйымлараралық мағлыўматлар узатыў тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.

6. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыўда мәмлекетлик хызметлердиң автоматластырылған тәризде көрсетилиўи ушын тийисли уйымларға хабар жиберилиўин шөлкемлестирсин;

турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўды талап ететуғын барлық мәмлекетлик хызметлер ҳәм басқа да ҳәкимшилик тәртип қағыйдаларын ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыныў арқалы әмелге асырыў имканиятын жаратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

7. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды усы Пәрманның 2-бәнти «б» киши бәнтинде белгиленген мүддетлерден келип шыққан ҳалда Жоқары суд мәмлимлеме системасын Ишки ислер министрлигиниң «Мәнзил» системасы менен интеграциялаў илажларын көрсин.

8. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:

а) 2021-жыл 1-январьға шекем шахстың жазаны орынлаў мәкемесинен азат етилгенлиги ҳаққындағы электрон мағлыўматлар базасын жүргизиў системасын жолға қойсын ҳәм ишки ислер уйымлары системасында бар ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды пуқаралардан талап етпеў бойынша илажлар көрсин;

б) бир ай мүддете усы Пәрманның орынланыўы бойынша пуқаралардан келип түсетуғын мүрәжатлар тийкарында системалы мониторинг алып барыў мақсетинде өзиниң веб-сайтында түскен мүрәжатлардың мазмуны ҳәммеге ашық болған ҳәм оларды додалаў имканиятын беретуғын арнаўлы беттиң иске қосылыўын тәмийинлесин ҳәм зәрүр болғанда уйымлараралық мағлыўмат алмасыў системасын буннан былайда жетилистириў бойынша илажларды әмелге асырып барсын;

в) еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы пуқараларын турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыў тәртибиниң реформаланыўы ҳәм жаратылып атырған электрон система имканиятларынан келип шығып, пуқаралығы болмаған шахслар ҳәм сырт ел пуқаралары ушын белгиленген тәртиплерди жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

г) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте:

паспорт режимин бузыў жағдайларын анықлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.

9. Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте «Өзбекстан Республикасы пуқараларын Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў ҳәм ўақтынша жасап турған орны бойынша дизимге алыў тәртиби ҳаққында»ғы Режени тастыйықласын;

бир ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислерди нызам ҳүжжетлерине киргизиў илажларын көрсин.

10. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 22-апрель