Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, аймақта туризмди раўажландырыў мақсетинде усы жылы Қарақалпақстан хабар агентлигиниң басламасы менен май ҳәм сентябрь айларында бир топар ғалаба хабар қураллары Үстирт платосы бойлап Арал теңизи акваториясы ҳәм Мойнақ районына медиатур шөлкемлестирген еди.
Төменде усы медиатур даўамында сүўретке алынған әжайып көринислерди тамашалаўыңыз мүмкин: