Өзбекстан Республикасының Орайлық банки 24-декабрьден баслап сырт ел валюталарының сумға салыстырғандағы жаңа баҳасын белгиледи.
Оған бола, доллар ҳәм евроның курслары өткен ҳәптедеги курсқа салыстырғанда арзанласқаны атап өтилди.
1 АҚШ доллары 9516 сум 37 тийинди қурап, өткен ҳәптедеги курсқа салыстырғанда 16 сум 3 тийинға арзанласқан.
1 евроның курсы 10542 сум 23 тийин қунында баҳаланып, 56 сум 85 тийинға арзанласқан.
1 рубль болса 152 сум 94 тийинға теңлесип, 1 сум 37 тийинға қымбатлаған.
Валюта баҳасын белгилеў ўақтында Өзбекстан Республикасының Орайлық банки бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.
ӨзА