Сайлаў – 2019

Нөкис қаласындағы 19-cанлы сайлаў участкасында да Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў басланып кетти.

Бул участкада сайлаўға 2317 сайлаўшының қатнасыўы күтилмекте.

Аймақ турғынлары белгиленген тәртипте өзи қәлеген талабанларға даўыс бермекте.

– Мен «Өзбекстан» көшесинде тураман. Өткен жылы 18 жасқа толдым,-дейди сайлаўшы Ботакөз Аймағамбетова. – Сайлаўға байланыслы нызамшылықлар ҳәм басқа да мәселелер туўралы газеталарда ҳәм рәсмий сайтларда берилген материаллардан, телекөрсетиўлерден көплеген мағлыўмат алдым.

Бүгин биринши мәрте депутатларды сайлаўға қатнасып атырман. Өзим қәлеген талабанларға даўыс бердим. Олар халықтың исенимин ақлайды, деп исенемен.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.