Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэниң усынысына муўапық 2019-жылдың 17-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, сапар даўамында Япония Бас министри Синдзо Абэ, Парламенттиң Мәсләҳәтшилер палатасы президенти Акико Санто, Парламенттиң Ўәкиллер палатасы спикери Тадамори Осима, Бас министр орынбасары, қаржы министри Таро Асо менен сөйлесиўлер болып өтеди.

Тәреплер Өзбекстан-Япония қатнасықлары, соның ишинде, алдағы ўақытларда раўажландырыўдың узақ мүддетли баслы бағдарларын додалайды, халықаралық әҳмийетке ийе актуаль машқалалар бойынша пикир алмасады.

Өзбекстан Республикасының Президенти Япония Императоры Нарухито тәрепинен қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.