Олий Мажлис Сенаты тәрепинен медиа ўәкиллери арасында «Сенат халық мәплерин қалай қорғамақта?» таңлаўы өткерилди.

Таңлаўға ғалаба хабар қуралларының ҳәр қыйлы түрлери (баспасөз, телевидение, радио, интернет) ҳәм блогерлер тәрепинен Сенаттың жумысларына арналған репортаж, фоторепортаж, очерк, теле ҳәм радиоочерк, аналитикалық мақала, көрсетиў, еситтириўлер сыяқлы жанрлардағы материаллар усынылды және тийисли тәртипте баҳаланды.

Таңлаў жуўмақларына бола, радио бағдары бойынша Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының аға редакторы Гөззал Яхудаева 2-орын жеңимпазы деп табылды.

Мағлыўмат ушын, таңлаўға 50 ге шамалас журналист ҳәм блогерлер алты номинация бойынша өзлериниң 500 ден аслам материаллары менен қатнасты ҳәм ҳәр бир номинация бойынша жеңимпазлар анықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.