Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында 11-декабрь күни саат 21:10 ларда намәлим транспорт басқарыўшысы анықланбаған автомашинаны «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында басқарып баратырып, пияда, усы аймақ турғыны С.У.ды қағып кеткен. Бул ҳаққында «Postda.uz» басылымына тийкарланып «Kun.uz» хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, транспорт басқарыўшысы ўақыя орнынан жасырынған. Пуқара С.У. жарақат алып, ўақыя жүз берген орында қайтыс болған.

Бул жол-транспорт ҳәдийсесин әмелге асырған басқарыўшының ким екенлигин анықлаў ҳәм услаў илажлары көрилген.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.