Шоманай районындағы «Китаплар әлеми» китапханасында, Республикалық жумысшы топардың басламасы менен «Китап – руўхый азығымыз» атамасында китаплар фестивалы болып өтти.

Онда Республикалық жумысшы топардың ағзалары, Ташкент мәмлекетлик финанс институтының доценти Ш.Аллаёров, аға оқытыўшысы З.Аллабергенов, Әжинияз атындағы НМПИ доценти А.Ембергенов, район ҳәкиминиң орынбасары А.Қайыпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  оқыўшы-жасларды китапқа меҳир қойып оны жақсы көриўге, жаратылған шараятлардан утымлы пайдаланып терең  билим алыўға шақырды.

Кешеде оқыўшылар тақмақлар айтып, инновациялық жетискенликлерден пайдаланған ҳалда көркем композициялық шығыўлар менен өзлери жақсы көрген китаплар туўралы мағлыўматлар берди. Онда өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияты менен бирге жәҳән әдебиятына тийисли шығармалар да орын алды.

Фестивалда белсендилик көрсеткен оқыўшылар Республикалық жумысшы топар тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, Республикалық жумысшы топардың ағзалары белгиленген реже бойынша райондағы бир қатар мектеплерде болды. Мектеплерде Президентимиз тәрепинен белгиленген «Бес баслама – бес имканият» басламасы тийкарында «Мастер класс» усылында ашық сабақлар, оқыўшылар менен тиккелей сәўбетлесиўлер өткерилди. Мектеплердиң жумыслары,  оқытыўдың сапасы, ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң жүргизилиўи менен танысты. Халық билимлендириў системасындағы жаңалықлар, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелери атап өтилди.

Дөгерек сәўбетлери өткерилип, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың тәжирийбесин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгилеп берген ўазыйпалардың мазмун-мәниси туўралы түсиниклер берилди.

 

А.Жиемуратов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.