“Мийирбийке-2024” таңлаўы жеңимпазлары анықланды

12-май -Халықаралық мийирбийкелер күни сыпатында кең түрде белгиленбекте. Мәмлекетимизде де бул сәнеде орта медицина хызметкерлериниң мийнети айрықша атап өтиледи.
Әлийшер Наўайы атындағы кино сарайында 12-май Халықаралық мийирбийкелер күнине бағышланған байрам илажы болып өтти. Илажда денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын атқарыўшы Асылбек Худаяров елимиздеги барлық мийирбикелерди бул сәне менен қутлықлады.

-Кейинги жыллары мийирбийкелик жумысы медицинамыз бенен бирге жедел раўажланып бармақта,- деди Асылбек Худаяров. – Тараўда жаңа қәнигеликлер пайда болмақта. Әсиресе, бүгинги күнде басланғыш емлениў-профилактика мәкемелеринде 8 мың 500 акушер мийирбийкениң жумыс алып барып атырғаны аналар ҳәм балалар саламатлығын сақлаў жолындағы әҳмийетли ўақыя, саламат әўладты тәрбиялаў бойынша алып барылып атырған терең реформалардың нәтийжеси болып есапланады.
Салтанатлы мәресимде “Жылдың ең жақсы мийирбийкеси” таңлаўы жеңимпазлары ҳәм 15 номинация бойынша “Жылдың ең жақсы орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкери” таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды. Сыйлы орын ийелерине естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Илаж даўамында “ Мийирбийке -2024” таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазлары жәрияланды.
Беллесиўдиң аймақлық басқышларында биринши орынды қолға киргизген 15 тараў хызметкерлери арасынан ашық-айдын ҳәм әдиллик шәртлери тийкарында таңлап алынған үш мийирбийкеге белгиленген сыйлықлар берилди.
Оған бола, 1-орынды Ташкент ўәлаяты Паркент районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси Назокат Мирсаъдиева, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдарья районлық медицина бирлеспесиниң нәўбетши мийирбийкеси Ҳулкар Қозоқбаева, 3-орынды Әндижан ўәлаяты Пахтаабад районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси Озодахон Кимсанова ийелледи.
Муҳайё Тошқараева
ӨзА хабаршысы