Алдын хабар берилгениндей, 2020-жылдың басынан ишки ислер уйымлары хызметкерлеринен хызмет алып барыў даўамында бодикамералардан пайдаланыўы талап етиледи. Бирақ, усы жылдың 19-сентябрь күнинен баслап Ташкент қалалық ИИББның 50 хызметкери хызмет даўамында тест режиминде бодикамералар менен ислеўди баслады. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
Бодикамералар ҳаққында нелерди билиў зәрүр?
«Бодикамера» үскенеси аудио ҳәм видеоконтентти (FullHD форматында) жазыў ҳәм орайласпаған тәризде сақлаў, кейин ала көрип шығыў, айырықша жағдайларда орайласқан диспетчерлик хызметине «қәўип» сигналын жеткериў, реал ўақыт режиминде мобиль топарлардың орналасыўы ҳәм жумыс процесин аралықтан турып мониторинг етиў имканиятын беретуғын үскене болып табылады. Қызықлы тәрепи, бодикамера үскенеси инфрақызыл жақтыландырыў қурылмасы менен үскенеленген болып, бул қурылма түнги ўақытта да он метрлик аралықты жақтыландырып, видеоға түсириў имканиятын береди.
Хызметкерде контенттиң жазылыў процесине араласыў, оны редакторлаў ҳәм өшириў имканияты жоқ: камера, хызметкер оны қабыллаў ўақтынан баслап, қайтарып тапсырғанға шекем видеоға түсирип барады. Үскене корпусы ашылмаўы ушын арнаўлы қорғаныў предмети менен үскенеленген.
Сондай-ақ, үскене жәрдеминде радиобайланысқа шығыў имканияты болып, бул имканият хызметкерлердиң рациядан пайдаланыўына зәрүрлик қалдырмайды.
Жазыўлар нәтийжеси арнаўлы серверде бир ай даўамында сақланады. Бодикамераларды ислетиў ушын зәрүр болған мәлимлеме системасында мониторинг орайын шөлкемлестириў де нәзерде тутылған. Усы жерде бодикамералар тәрепинен дизимге алынған мағлыўматлар сақланады ҳәм көрип шығылады. Үскенениң яд картасынан серверге мағлыўматларды көшириў, арнаўлы бағдарламалық тәмийнат тәрепинен Wi-Fi мағлыўматларды көшириўдиң сымсыз тармағы жәрдеминде турақлы дислокация орнына жетип келгеннен соң әмелге асырылады (архивке сақлаў процеси адамлардың араласыўысыз әмелге асады). Орай операторында үскенеге аралықтан турып байланысыў ҳәм қадағалаў имканияты болады.
Мониторинг орайындағы арнаўлы электрон картада ҳәр бир хызметкердиң сол ўақыттағы жайласқан мәнзили және усы мәнзилдиң патрульлеў бағдарына муўапықлығы сәўлеленеди.
Сондай-ақ, бул жерде айырықша жағдайларда ҳәрекетлер координациясы әмелге асырылады: мониторинг орайына автомат тәризде гео-, аудио- ҳәм видеомағлыўматлар жабық (қорғалған) байланыс каналлары арқалы жеткерип турылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.