Президент Шавкат Мирзиёев Мойнақ районына келип, Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
2019-2020-жылларға мөлшерленген бул жойбар суў бассейнлерин нәтийжели басқарыў арқалы аймақтағы социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўға қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы аймақта шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў арқалы жумыс орынлары, халық дәраматларын көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.