Бүгинги күнде ядро қуралын ислеп шығарыў бойынша 20 ға шамалас мәмлекетте ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. 120 дан аслам мәмлекетте болса, информация ҳүжимлерин уйымластырыў үстинде жумыс алып барылмақта. Бул ушын миллионлаған қаржылар жумсалмақта. Ең жаманы жаслардың 90 проценти тийкарғы информация дәреги сыпатында интернетке киреди. Ҳәзирги ўақытта системада өз жанына қаст етиўдиң аңсат жолларын үгитлейтуғын тоғыз мыңнан аслам сайт бар. 49 процент компьютер ойынлары зорлықты, жаман иллетлерди ҳәм жаўызлықты үгит-нәсиятлайды.

Халықаралық қәнигелердиң мағлыўматына қарағанда, дүнья жүзи балаларының 42 проценти онлайн түрде тарқатылатуғын порнография тәсирине түсип қалған. Сондай-ақ, олардың 38 проценти зорлық, бузғыншылық сәўлеленген сайтларды, 26 проценти миллетшилик характердеги веб-бетлерди бақлап баратуғыны анықланған.

Бундай санлар ҳәр қандай ата-ананы қорқынышқа салады. Соның ушын да, халықаралық қәнигелер бир қанша унамлы илажларды әмелге асырыў жолларын излестирмекте. Атап айтқанда, Уллы Британияда «Өзин тутыў кодекси» қабыл етилген ҳәм «Қәўипсиз тармақ» бийғәрез мәкемеси зыянлы, нызамға қарсы келетуғын информациялар ағымын бақлайды. Ал, басқа Европа мәмлекетлеринде нызамлы түрде сайтларды блокқа түсирип қойыў жолға қойылған. Россияда болса, ҳәр қыйлы информация ҳүжимлерине қарсы гүресиў мақсетинде «Қәўипсиз интернет орайы» шөлкемлестирилген. Улыўма Европа Кеңеси тәрепинен 6 нызам ҳүжжети қабыл етилген ҳәм «Қәўипсиз Интернет бағдарламасы» ислеп шығылған.

Раўажланған мәмлекетлерде ата-ана бақлаўын әмелге асырыў ушын көплеген технологиялар, фильтрлеўши бағдарламалық тәмийинлеў жаратылған. Олар пайдаланыўшы ямаса ата-ана тәрепинен дизимге алынған сайтларға кириўди, телеканалларды  ашыўды блокқа түсирип қояды.

Усындай исенимли халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда, елимизде 2017-жылы 8-сентябрьде «Балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Бул нызам халқымыздың дурыс ҳәм зыянсыз информацияға ийе болыўын тәмийинлеўге, ҳәр бир баланың санасында идеологиялық иммунитеттиң қәлиплесиўине шараят жаратыўға, бузғыншы идеологиялық ҳәрекетлерге қарсы руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятты күшейтиўге, балаларға байланыслы руўхый басымлардың, информация ҳүжимлериниң алдын алыўға хызмет етеди.

2018-жылдың март айынан баслап күшке киретуғын бул нызам бойынша арнаўлы комиссия дүзилген болып, ол балаларды ҳәр тәреплеме бәркамал етип, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолында турақлы илажларды әмелге асырады.

Президентимиз дин ўәкиллери менен болған ушырасыўда «өз балаңды өзиң қорға» деп атап өткен еди. Ҳақыйқатында да, бүгинги қәўетерли заманда балалардың жүрис-турысын, досларын жәмийетшиликке қарағанда ата-аналар жақсырақ билетуғынын есапқа алсақ, перзенттиң ең беккем ҳәм исенимли қорғаны ата-ана болып есапланады. Бала мисли ақ қағаз, оған түскен дақ бир өмир кетпейди. Оның келешеги де усы аз ғана мәўритлер ишинде ата-аналар, қоршаған орталық тәрепинен берилген итибарға тиккелей байланыслы болады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы