Он сегиз жасқа шекемги болған Өзбекстан пуқаралары он алты жасқа толыўы мүнәсибети менен өз ўақтында паспорт алмағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды. Бул ҳаққында Газета.uz хабар бермекте.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бул ҳаққындағы қосымша Өзбекстан Президенти тәрепинен 9-январь күни қол қойылған нызамға тийкарланып киргизилген.

Буған шекем паспортсыз жасаў ең кем мийнет ҳақының 0,5 инен бес есесине шекемги муғдарда, жәрийма қолланылғаннан соң бул қағыйда бузыўшылықты тәкирар түрде әмелге асырылғанда ең кем мийнет ҳақының бес есесине шекемги мугдарда жәриймаға тартыўға себеп болатуғын еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги