Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Билимлендириў мәкемелеринде социаллық-руўхый орталықты және де жақсылаў ҳәм профессор-оқытыўшылардың руўхый-ағартыўшылық, әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбия мәселелериндеги түсинигин раўажландырыў» темасында оқыў-семинары болып өтти.

Илажға университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Оқыў-семинарын университет ректоры А.Реймов алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Г.Аннақлычева, университтеттиң кафедра баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанындағы «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы А.Байрыева, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлис палаталарына жоллаған мүрәжатының мазмун-мәнисине кеңнен тоқтап өтти.

Сондай-ақ, оқыў-семинарында диний ҳәм оған дүньялық көз қарастың өзине тән өзгешеликлери, жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўдың инновациялық усыллары туўралы мағлыўматлар берилип,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси терең түсиндирилди.

Илажда ҳақыйқатында да ҳәзирги глобалласыў дәўиринде жаслар тәрбиясы әҳмийетли машқалалардың бири екенлиги атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.