Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң Жоқарғы судлары баслықларының болажақ он екинши мәжилиси шеңберинде 24-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды баслығы К.Комилов пенен Қазақстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы К.Мамидиң ушырасыўы болып өтти.

Сәўбет пайытында Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм кең көлемдеги бирге ислесиў барлық бағдарда, соның ишинде, суд-ҳуқық тараўында да турақлы раўажланып баратырғаны атап өтилди. Еллеримиз басшыларының турақлы ушырасыўларында ерисилген келисиўлер бунда оғада әҳмийетке ийе.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, әдалатлы пуқаралық жәмийет қурыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлариниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳәмде 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түпкиликли беккемлеў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманлары бул бағдардағы жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

Илажда Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Қазақстан Республикасы Жоқарғы суды арасында Бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды. Бул ҳүжжет еки елдиң суд ҳәкимияты жоқары органлары арасында бирге ислесиў ҳәм өз-ара түсинисиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, нызам үстемлигин тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлердиң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Меморандум шеңберинде суд системасын инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың әҳмийетли институты сыпатында беккемлеўди илимий-аналитикалық және мәлимлеме жағынан тәмийинлеў арқалы суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўға көмеклесиў менен байланыслы илажлар нәзерде тутылған.

Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды баслығы К.Комилов усы күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң Жоқарғы судлары баслықларының он екинши мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Тәжикстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Ш.Шоҳиён ҳәм Қырғызстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы А.Токбаева менен де ушырасыўлар өткерди.

Илажлар даўамында мийманларға Өзбекистанда суд-ҳуқық системасын буннан былай да демократластырыў ҳәм еркинлестириў, суд, ҳуқық қорғаўшы ҳәм қадағалаўшы органлар жумысы нәтийжелилигин арттырыў бағдарында избе-излик пенен алып барылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Тәреплер келешекте өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, тараўда қоспа жойбарларды әмелге асырыў, турақлы тәжирийбе алмасып турыўдан мәпдар екенлигин атап өтти.

 

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА хабаршысы