АҚШтың Аўғанстандағы жасырын мәселелер бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод Президентимиз бенен өткерилген сөйлесиў ҳәм Аўғанстанда тынышлық орнатыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер ҳаққында төмендегилерди айтып берди:

– Бәринен бурын Өзбекстанға келгенимнен ҳәм Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасқанымнан оғада қуўанышлы екенимди айрықша атап өтиўди қәлер едим. Сөйлесиўде АҚШ – Өзбекстан бирге ислесиў байланыслары ҳәм шериклик қатнасықлары, мәмлекетимиздиң кең көлемли реформалар процесинде ерисип атырған жетискенликлери, сондай-ақ, айрықша әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алыстық.

Биз, сондай-ақ, Аўғанстанға байланыслы мәселелер туўралы да сәўбетлестик. Миссиям аўған машқаласын тыныш жол менен шешиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм Аўғанстанды Орайлық Азияқа интеграцияластырыў, оның жаңадан халықаралық терроризмге мәкан болыўына жол қоймаўдан ибарат.

Быйыл Ташкентте өткерилген Аўғанстан бойынша «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы халықаралық конференция бул бағдарда жүдә жақсы баслама болып есапланады. Бул басламаның нәтийжеси сонда, ҳәзирги күнде қырық жылдан берли даўам етип атырған урысты тыныш жол менен шешиў мәселеси дүньяда кеңнен додаланбақта.

Аўғанстан ҳүкимети машқалаға әскерий шешим жоқ екени, сиясий келисимге ерисиў кереклигин атап өтеди. Талиблер де сондай пикирде. Халықаралық жәмийетшилик, атап айтқанда, АҚШ бул көз-қарасты қоллап-қуўатлайды.

Өзбекстан тәрепинен алға сүрилген баслама Аўғанстан ушын да жүдә әҳмийетли. Аўғанстан ҳүкимети ҳәм «Талибан» тынышлыққа ерисиўде тек ғана АҚШ ҳәм Өзбекстан емес, ал басқа мәмлекетлер де, атап айтқанда, регион мәмлекетлери биргеликте ҳәрекет етиўи керек.

ӨзАның хабаршысы

М.ЭЛМУРОДОВ жазып алды