Усы жыл 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги талапларын орынлаў, тараўда алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, әскерий-ҳәкимшилик сектор басшысы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Махмудов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министри А.Азизов жоқарыда атап өтилген бийликтиң әҳмийети, оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапарының  екинши күни Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис горнизонында әскерлер менен ушырасып, бул жерде алып барылып атырған жумыслардың барысы менен жақыннан танысты. Ушырасыў даўамында әскерий хызметкерлердиң жасаў шараятын буннан былай да жақсылаў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти. Соның менен бирге, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде «Қәўипсиз қала» бағдарламасын әмелге асырыў ўазыйпасын белгилеп берди.

Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы менен орынларда әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилип, оның шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлардың «Жол картасы» ислеп шығылды. Усыған муўапық, Арқа-Батыс әскерий округиндеги 11 имаратта ири оңлаў, әскерлердиң сап тартып жүриў майданшасы ҳәм ишки жолларды бетонлаў жумыслары алып барылды. Әcкерлердиң билимин арттырыў мақсетинде электрон китапхана шөлкемлестирилип, заманагөй интернет-мәлимлеме системасы менен тәмийинленди. Округ аймағындағы 19 көп қабатлы турақ жайда, 1 жатақхана имаратында ири оңлаў, спорт майданшасын қурыў, ишимлик суў тармағын тартыў жумыслары әмелге асырылды.

Нөкис горнизонындағы 1-санлы жабық әскерий қалашасындағы әскерий-саўда мәкемесиниң еки имаратында қурылыс және ири оңлаў жумыслары алып барылып, арнаўлы әскерий бөлимниң оқыў имаратына айландырылды.  Бул жумысларға барлық дәреклерден 35 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соның менен бирге,  әскерий хызметкерлер ушын  бес қабатлы жәми 180 квартиралы 6 турақ жайда 19 миллиард 517 миллион сумлық қурылыс жумыслары алып барылды.

Өткен 4-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша республикалық комиссия менен биргеликте өткерилген мәжилисте бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар, жол қойылып атырған кемшиликлер кең түрде талқыланып, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.  Көрилген илажлар нәтийжесинде быйылғы жылдың 11 айы даўамында жүз берген жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 58 процентке кемейген. Бирақ  адам өлтириў, урлық ҳәм алдаўшылық жынаятлары, жол-транспорт ҳәдийселери, өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары бойынша көрсеткишлердиң саны жоқары болып қалмақта. Соның ишинде, усы жынаят түрлериниң Нөкис қаласында, Төрткүл, Қоңырат, Хожели районларында өсип кеткенлиги сынға алынды.

Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында Ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларын шөлкемлестириў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша Миллий гвардия, Арқа-батыс әскерий округи әскерий хызметкерлери менен жақыннан бирге ислесиўдиң жаңа системасын жаратыў нәзерде тутылмақта. Илажда оқыў-әмелий курсларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин арттырыўға Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, «Нураний» қоры, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы белсендилерин кеңнен тартыў, барлық пуқаралар жыйынларында «Ўатанға садықлық шаңарақтан басланады» атамасында ушырасыўлар, оқыў орынларында «Әскерий Ўатанды сүйиўшилик кәрўанлары» илажын турақлы өткериў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша ҳәр бир тараўдың жуўаплы хызметкерлерине ўазыйпалар белгиленди.

Видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте  жынаятшылықтың саны жоқары болған қала ҳәм районлардың 4 сектор басшыларының мәлимлери тыңланып, оны сапластырыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.