2018-жыл 6-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар  елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының мәжилислеринде дәслепки түрде додаланған еди.

Депутатлар жумысты «Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен бирликтеги антитеррор оқыў шынығыўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы Келисимди (Душанбе, 2008-жыл 28-августь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын көрип шығыўдан баслады.

Атап өтилгениндей, 2008-жылдың 28-августында ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары Кеңесиниң Душанбе қаласында болып өткен мәжилисинде Өзбекстан Республикасы тәрепинен бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен антитеррор оқыў шынығыўларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы Келисимге де қол қойылған еди. Келисим қағыйдаларына бола, ондай оқыў шынығыўларын өткериўден мақсет – Тәреплердиң аймақларында терроршылық ҳәрекетлери жүз бергенде ямаса сондай қәўип-қәтер пайда болғанында қоспа ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын арнаўлы антитеррор дүзилмелерди таярлаўдан ибарат.

Депутатлар тек ғана елимизде емес, ал регионда қәўипсизлик пенен тынышлықты тәмийинлеў мақсетинде бул бағдарда халықаралық тәжирийбе алмасыў және ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары антитеррор бөлимлериниң терроршы топар ағзаларының жумысларын сапластырыў бойынша арнаўлы операцияларын өткериўде муўапықластырылған ҳәрекетлерин жетилистириў зәрүрлигин инабатқа алған ҳалда, усы халықаралық ҳүжжетти ратификациялаў үлкен әҳмийетке екенин атап өтти ҳәм оны жақлап даўыс берди.

Буннан соң мәжилис күн тәртибине киргизилген гезектеги мәселе – «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ҳәр тәреплеме додаланды.

Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 13-июльдеги қарары менен тастыйықланған Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының Өзбекстан Республикасының «Бизнес жүргизиў» бағдарындағы көрсеткишлерин жақсылаў бойынша «Жол картасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылды. Нызам жойбары менен Салық кодекси ҳәм бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, олардан мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен исбилерменлик субъектлеринен ҳүжжетлерге мөр басыў, сондай-ақ, ҳүжжетлердиң мөр менен тастыйықланыўының талап етилиўи нәзерде тутылған нормалар шығарылмақта.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул жаңалық елимизде исбилерменлик жумысын әмелге асырыўды буннан былай да әпиўайыластырыўға жәрдемлеседи. Өз гезегинде болса Жәҳән банки ҳәм Халықаралық қаржы корпорациясының Өзбекстан Республикасының «Бизнес жүргизиў» бағдарындағы көрсеткишлерин буннан былай да жақсылаў имканиятын береди.

Мәжилисте көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине және Өзбекстан Республикасының Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да қызғын додалаўларға себеп болды.

Бул нызам жойбары елимиз Президентиниң 2018-жыл 5-июльдеги «Өзбекстан Республикасының сыртқы мийнет миграция системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы және басқа бир қатар қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бас прокуратура тәрепинен Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары менен биргеликте ислеп шығылған.

Мәжилисте бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелиятының таллаўлары мийнет ҳәм мийнетти қорғаў мәселелери, бәнтлик тараўында белгиленген кепилликлердиң тәмийинленбеўи, ержетпегенлердиң мийнетинен пайдаланыў, мийнетке административлик түрде мәжбүрлеў және жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырмаў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар санының көбейип баратырғанлығын көрсетип атырғаны атап өтилди. Буннан келип шығып, бул нызам менен нызамшылыққа пуқаралардың мийнет ҳәм социаллық ҳуқықларын тәмийинлеў, мийнет қатнасықларындағы процесслерди тәртипке келтириў, бәнтлик ҳәм мийнетти қорғаўды буннан былай да күшейтиў менен байланыслы тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Мәжилисте көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамының жойбары болса Президентимиздиң 2017-жыл 1-ноябрьтеги қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда илимий-изертлеў мәкемелериниң инфраструктурасын беккемлеў ҳәм инновациялық раўажландырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасының 23-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Бул нызам жойбарынан гөзленген тийкарғы мақсет интеллектуаллық мүлк объектлеринен нызамға қайшы пайдаланғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў, миллий нызам ҳүжжетлерин интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын тәртипке салыў тараўындағы халықаралық ҳүжжетлерге муўапықластырыў, исбилерменликти хошаметлеў, инвестициялық климатты және де жақсылаўдан ибарат болып есапланады.

Депутатлардың пикиринше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи интеллектураллық мүлк объектлерине ҳуқық ийелериниң пүткиллей ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиўге хызмет етеди. Сондай-ақ, интеллектуаллық мүлк объектлерине ҳуқықлары бузылғаны ушын жаза белгилеў, тараўдағы ҳуқықый нормаларды халықаралық ҳүжжетлерге бейимлестириў, бир сөз бенен айтқанда, жәмийетте интеллектуаллық мүлкке ҳүрмет пенен қараў мүнәсибетин қәлиплестириўге хызмет етеди.

Жоқары исшеңлик руўхында өткен мәжилисте депутатлар тәрепинен және бир қатар нызам жойбарлары қызғын додаланды.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине байланыслы басқа мәселелер де көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети