Бүгинги күнде республикамыздың ең шетки аймақларында да жаслардың өзлери қәлеген қәнигеликлери бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын шараятлар жаратылған.

Кегейли районындағы Қазанкеткен аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде билим алып атырған 118 жас усындай имканиятлардан өнимли пайдаланып, аўыл хожалығы ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша билимлерди өзлестирмекте. Бул жерде бес бағдар бойынша кәсип-өнерге бағдарлаў жумыслары ушын 17 оқытыўшы жуўапкер.

– Мен Қазанкеткен аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң «Кең ассортименттеги кийимлер конструкторы» топарының 3-басқышында оқыйман, – дейди А.Айтмуратова. – Колледжимизде усы бағдар бойынша билим алыўымыз ушын әдебиятлар, техникалар жетерли. Оқытыўшыларымыз ҳәр биримиз бенен жеке ислесип, қызығыўшылығымызға қарап усыныслар, бағдар берип келмекте.

Ҳәзирги ўақытта кәсип-өнер колледжинде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары да алып барылып, оқыўшылардың терең билим алыўына қолайлы шараятлар жаратылмақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.