Улыўма орта билим бериў мектеплеринде белгили бир пәнге бағдарланған пән айлықларының шөлкемлестирилиўи өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Бул болса өз гезегинде оқыўшылардың сол пәнди тереңирек үйрениўинде үлкен әҳмийетке ийе.

Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қазақ тили ҳәм әдебияты пәни айлығы өткерилди. Мектеп оқыўшылары еки топарға бөлинип, слайдлар жәрдеминде өткерилген ашық сабақ даўамында бул пән ҳаққындағы билимин тереңлестирди.

Буннан соң қазақ халқы ҳәм пүткил Орайлық Азия халықлары арасында ҳүрметке ерискен шайыр Абай Қунанбаевтың 173 жыллығына бағышланып, әдебий кеше шөлкемлестирилди. Усы кешеде оқыўшылар шайырдың шығармаларынан үзиндилер келтирип, сахналық көринислер көрсетти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.