Халықаралық бирге ислесиў бойынша Германияның GIZ компаниясынан «Орайлық Азия еллеринде ҳуқықый мәмлекет қурыўға жәрдемлесиў» аймақлық бағдарламасының қәнигелери Юрген Кипп, Кристине Коре, Игорь Цай, Бахром Умаров 15-16-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм қоңсы ўәлаятлардың Әдиллик министрликлери хызметкерлери ушын усы атамада семинар-тренинг  өткерди.

2018-жыл 8-январьда  қабылланған Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик процедурасы ҳаққында»ғы Нызамы он еки айдан соң күшке кириўи нәзерде тутылған болып, бүгинги күнге шекем бул Нызам жергиликли тәжирийбеде қолланылмады. Семинар даўамында жаңа ҳуқықый ҳүжжеттиң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары, қолланылыў принциплери ҳаққында халықаралық экспертлер түсиник берип, өз-ара тәжирийбе алмасты.

Илажда Германия Федеративлик Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гюнтер Оверфельд, Германияның экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў Федеральлық министрлигиниң Қытай, Орайлық ҳәм Шығыс Азия, Лаос ҳәм Камбоджа ушын жуўапкер ўәкили Катрин Оллерс қатнасып,   Өзбекстанның дүньядағы көплеген еллер, соның ишинде, жетекши мәмлекетлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары менен байланыслары сапалы жаңа, жоқары басқышқа көтерилгенин атап өтти.

GIZ компаниясының делегациясы конференциялар, семинарлар, тренинглер өткериўди, еки тәреплеме пайдалы бағдарлар бойынша өз-ара ҳуқық бойынша экспертлер алмасыўын жолға қойыў ҳәм алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў ушын хызмет сапарларын шөлкемлестириўди даўам еттиретуғынлығын билдирди. Сондай-ақ, бул илажлар Өзбекстан ҳәм Германияның еки тәреплеме қатнасықларының жедел раўажланыўына үлес қосатуғыны атап өтилди. Себеби, исбилерменлер менен лицензиялар, руқсатнамалар беретуғын уйымлар арасындағы қатнасықты тәртипке салатуғын бул тарийхый ҳүжжет республикамызда жумыс басламақшы болған сырт ел исбилерменлери, инвесторлар ушын ҳуқықый кепил ўазыйпасын атқарады.

Еки күнлик семинар-тренингте қатнасыўшылар «Ҳәкимшилик процедурасы ҳаққында»ғы Нызамның Өзбекстанда ҳәм халықаралық көлемде жаратылыў тарийхы, әҳмийети ҳәм ҳәкимшилик тәртипти өткериў шәртлери, ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматларға ийе болып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

– Еки күн даўамында Дипломатия университети қурамындағы Халықаралық-ҳуқықый изертлеўлер ҳәм салыстырмалы ғалабалық ҳуқық орайының директор орынбасары ҳәм усы Нызам жойбарын ислеген комиссия ағзасы сыпатында семинар жумысын алып бардым, – дейди Игорь Цай. – Президентимиздиң усы жыл 21-июньде қабыл етилген «Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында бул орайды шөлкемлестириў мәселеси қойылған еди. Орайдың мақсети жергиликли тәжирийбеде болмаған усы сыяқлы нызамларды енгизиў бойынша халықаралық тәжирийбелерди үйрениў болып табылады. Бизде бул нызамнан тысқары кодекс, оннан алдын ҳәкимшилик судлары да шөлкемлестирилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.