Усы жыл 20-ноябрь күни халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз отыз сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтады.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралып, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секратариат баслығы лаўазымында ислеп келген Бердах Сейтмуратович Сапаров Қоңырат районының ҳәкими етип тастыйықланды.

Бул мәселе бойынша депутатлар ҳәм район белсендилери шығып сөйлеп, оның кандидатурасын қолап-қуўатлады.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Муродов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги