Президентимиз Қарақалпақстанға сапары ўақтында бизлер хызмет етип атырған Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис әскерий горнизонында да болған еди.

Ол бизлер хызмет етип атырған әскерий бөлимлердиң жатақханалары, оқыў корпуслары, саўда комплекси, асхана, сондай-ақ, бақша, мектеп ҳәм жасаў үйлерин көрди. Киши оқыў полигонын ҳәм шабандозлыққа таярлаў майданын, теннис, футбол, волейбол майданшасына да барып, оқыў корпусларындағы ҳәр қыйлы қәнигеликлер бойынша өткерилип атырған шынығыўлар процесслерин бақлады.

Мен өзим Сурхандәрья ўәлаятының Термиз көркем-өнер колледжин тамамлап, усы жылы мүддетли әскерий хызметке шақырылған едим. Усы жердеги әскерий оркестрде пианино шертемен, қосық айтаман. Қураллас досларым Ташкент қаласы Шайхонтохур районынан Комилжон Акбаров, Миробод районынан Арыслан Атаханов, Қашқадәрья ўәлаяты Дийқанабад районынан Абдуҳофиз Қузратовлар менен Президентимиз бенен өткерилген ушырасыўда қосық айтып, өзлеримиз жазған қосықларды оқып аз да болса, өнеримизди көрсеткен едик.

Президентимиз бизлер менен ашық сәўбетлесип, жай-жағдайымызды сорады.

Бизлердиң физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал болыўымыз кереклигин, ўақтымызды зая өткермей, китап оқып, терең билим алып, мәлимлеме технологияларын ҳәм шет тиллерди пуқта үйренип, жасларға өрнек болыўымыз керек екенлигин нәсият етти.

Президентимиз бенен сәўбетлесиў ўақтында менен келешектеги әрманым туўралы сорады. Мен Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Әскерий дирижёрлық факультетине кирип, әскерий хызметти даўам еттириў ойында жүргенимди айттым. Сол ўақытта Президентимиз мени қоллап-қуўатлап, тийисли басшыларға мени ендиги жылдан баслап Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Әскерий дерижёрлық факультетитине имтихансыз киргизиўди ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўди тапсырды.

Бүгинги күнде ҳүжжетлерим таярланып, тийисли орынларға жиберилди. Мен буннан оғада қуўанышлыман.

Себеби ата-анам да педагог. Ал, үлкен әжағам Ташкент қаласындағы әскерий бөлимде сержант.

Президентимиздиң шарапаты менен мениң де әскерий хызметке өтиў бойынша әрманым иске асты, деп ойлайман.

Президентимиздиң халық пенен усындай ушырасыўлары, әсиресе, әскерий хызметкерлердиң де турмысы менен қызығып, олар менен сәўбетлесип пикир-усынысларын тыңлаўын бурын еситкен емеспен.

Ҳүрметли Президентимиздиң исенимин ақлап, келешекте Ўатан қорғаўшыларының руўхый дүньясын байытыўға үлес қосаман.

 

Жазып алған: Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.