Мен Қараөзек районының «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында туўылып өстим. Әкем фермер. Райондағы «Қуўаныш жарма – 2» фермер хожалығының баслығы.  Анам напақада. Төрт әжапам, бир қарындасым бар. 2015-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультетиниң Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылысы бөлимине оқыўға кирдим. Устазым Шарап аға Тәжибаевтың басшылығында топарымыз бенен аўызбиршиликте, жақсы оқып атырмыз. Топарымызда 19 ер бала  4 қыз оқыйды. Топар жетекшисимен. Футболға да қызығаман. Факультетлер арасындағы футбол жарысларында белсене қатнасып киятырмыз.

Топарымызда бирге оқыйтуғын Ҳүрлиман Арзимова менен турмыс қурыўға ўәделестик. Үйине ата-анамды жиберип айттырып, усы жыл 10-ноябрь күни үйленген едим. Үлкен тойымыз 12-ноябрьде болып өтти. 16-ноябрьде Жаслар тойымыз Нөкис қаласындағы «Султанбек» ресторанында шөлкемлестирилген еди. Тойдан алдын той сейилине шығып, сүўретке түсип жүрген едик. «Бумер» кафесинде гезектеги сүўретлерге түсиўден соң, торт жеп кофе ишип отырғанымызда Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев 15-16-ноябрь күнлердеги Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис қаласын көзден өткерип жүрип, бизлер отырған кафеге күтилмегенде кирип келди. Сатыўшы менен бираз сөйлести. Соң бизлерди көрип, сәўбетлести. Бизлерге бахыт, шаңарағымыздың беккем болыўын тиледи ҳәм саўға ретинде үй саўға етти.

17-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқа да басшылар менен бирге усы үйдиң гилтин маған тапсырды. Сондай-ақ, хожалыққа керекли болған гилем, асхана мебели, телевизор, газ плита ҳәм басқа да буйымлар да саўға етилди.

Усы күнге шекем Нөкисте жасайтуғын үлкен әжапам Наргизаның үйинен қатнап оқып келген едим. Оның маған усы күнге шекем шын кеўли менен қарасқаны ушын мың да бир рахмет. Үйленгеннен кейин квартираға шықсам ба ямаса бола берсем бе екен, не қылсам екен, деп ойланып жүрген едим. Квартираға шығып кетсем әжапам өкпелейме, деп те ойлайтуғын едим.

Президентимиз тәрепинен маған той саўғасы ретинде Нөкис қаласының ең пайызлы орынларының бири – «Қумбыз аўыл» МПЖ аймағынан жаңадан қурылған көп қабатлы жайлардың биринен  квартираның бийпул түрде берилиўи үлкен саўға, ал, Президентимиз бенен ушырасыў несип еткени болса, бизлер ушын бахыт болды.

Себеби, бәри ойламаған жерде болды. Президентимиз шынында да халықшыл, халық пенен сәўбетлесиўге таяр, ашық жүзли инсан.

Буннан руўхланып, мен еле де жақсы оқып, Президентимиздиң, ата-анамның исенимин ақлап, халқымызға керекли кадр, үлгили шаңарақ ийеси болып жетилисип, халқымыз ушын аянбай хызмет етиўге таяр екенлигимди билдирмекшимен.

Елбасшымызға мың да бир рахмет!

Султан Төремов,

Бердақ атындағы Қарақалпақ

мәмлекетлик университети

4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги