15-октябрьден Нөкис қаласы кесилиспелериндеги бақлаў камералары иске қосылды. Бул ҳаққында Turon24 агентлиги хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, жоллардағы қағыйдалардың бузылыў жағдайларын дизимге алатуғын бул камералар мағлыўматларды онлайн тәризде басқармаға узатып турады.

Бақлаў камералары Нөкис қаласының транспорт ҳәм пиядалар ҳәрекети көп болған Өзбекстан гүзары – Беруний, А.Досназаров – Беруний, М.Жуманазаров – Е.Алакөз, Қарақалпақстан – Х.Режепов көшелеринде – жәми 5 кесилиспеге орнатылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги