Дәри-дәрмақлардың баҳалары төменлетилди: тутыныўшылар ҳәм дәриханалар ушын әҳмийетли еслетпе

Хабарыңыз бар, мәмлекетимизде 2026-жыл 1-марттан баслап 2 000 ға шамалас рецепт пенен берилетуғын дәри-дәрмақлар ушын усақлап сатыў баҳалары төменлетилди. Буннан гөзленген мақсет дәри-дәрмақлар базарында турақлылықты тәмийинлеў, тутыныўшыларды қымбат дәри-дәрмақлардан қорғаў ҳәм дәриханаларда ашық ҳәм әдил саўданы хошаметлеў болып есапланады.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен дәри-дәрмақларды сатып алыўда pharm.gov.uz порталы ҳәм “PharmUz” мобил қосымшасы арқалы референт (шегараланған) баҳаларды тексерип, сатып алыў усыныс етилмекте. Егер дәри-дәрмақлар белгиленген баҳадан жоқары сатылып атырған болса, “PharmUz” мобиль қосымшасының “Шағымлар” бөлими арқалы мүрәжат етиў мүмкин.
Бул мүрәжатлар тек ғана тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаўда емес, ал дәри-дәрмақлардың баҳаларын жасалма түрде арттырып сатып атырған кәрханаларды анықлаў ҳәм олардың жумысын нызамшылық тийкарында тәртипке салыўда да әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, дәриханалар ушын да дәри-дәрмақлардың саўдасын әмелге асырыўда белгиленген референт баҳаларға әмел етиў мәжбүрий екенлиги қатаң еслетилмекте. Егер дәри-дәрмақлардың жоқары баҳаларда сатылып атырғаны анықланса, дәрихана лицензия талаплары ҳәм шәртлерин бузған деп табылып, әмелдеги нызамшылыққа муўапық лицензиясы бийкар етилиўи мүмкин.
Тутыныўшылар ҳәм дәриханалар ушын бул илажлар дәри-дәрмақлар базарында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, турақлы баҳа сиясаты ҳәм халық ушын дәри-дәрмақларға аңсат кириў имканиятын күшейтиўге хызмет етеди.
Моҳигул Қосимова,
ӨзА