Елдиң абаданлығы тазалықтан басланады

Наўрыз байрамы қарсаңында аймақларды көклемзарластырыў мақсетинде “Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!” улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги басланды.
Бүгин таң азаннан Қанлыкөл районында да барлық жәмийетлик бирлеспелери тәрепинен район аймағында абаданластырылатуғын майданларда шембиликти шөлкемлескенлик пенен өткериўге старт берилди.
Илажда район ҳәкими Б.Султанов район аймағындағы ҳәр бир орында абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў, техникаларды бөлистириў, ҳеш бир аймақ итибардан шетте қалмаўы бойынша илажлар белгиледи.
Барлық ҳәкимшилик имаратлары, оқыў орынларының әтирапы, ишки жоллар ҳәм жасыл майданларда кең көлемли абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Тереклерге сулыў көринис бериў, жол қапталындағы тосықларды ҳәклеў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, турмыслық шығындылар шығарылып, ирригация системалары ҳәм пиядалар жоллары тазаланбақта.

Орынларда шембилик шеңбериндеги абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги