Жаңаланыўлар қушағындағы Шымбай

10

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерисемен дегенше, аты-шуўлы Шымбайдың шар базары тор сымлар менен қоршалған бес-алты қатар төбеси бастырылған жазғы шәртекке ийе орын еди. Балалығымда тийеберсин анамның изине ерип, жаўын-шашынлы күнлери талай мәрте үсти-басым малпақ-салпақ болып, базар аралағанларымыз еле есимде. Сол жыллары базардағылардың көпшилиги ашық майданда отырып саўда-сатық  иследи. Бурынғы Кеңес аўқамы дәўиринде қала ҳәм аўыл арасында жәмийетлик транспорт ҳәм гөш сатып алыў мәселелери оғада қыйын еди. Апам маған 10 данасы 1 манат болған, пирожки яки мантыны алып берип, өзи саатлап, гөш шеңгектиң «очерединде» турғанлары еле көз алдымда елеслейди.

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң республикамыз ҳәм район басшылары тәрепинен Шымбайда саўда-сатық мәдениятын жоқарылатыў ҳәм адамларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде, бурынғы шар базар орнында заманагөй жабық базар ҳәм оның айналасына ҳәр қыйлы саўда дүкәнлары қурылды. Базардың ишки жоллары оңланып, қатар аралары асфальтланды.

Әсиресе, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлерге өзлериниң жумысларын және де кеңейтиўине кең имканиятлар жаратып бериў бойынша шығарған пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, Шымбай районында да санаат ҳәм исбилерменлик тараўы раўажланды.

– Ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 1-апрельдеги «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район(қала)ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, районымыз бойынша 25 жойбар ислеп шығылып, ҳәзирги ўақытлары усы жойбарлар шеңберинде сырт елли инвесторлар, исбилерменлер ҳәм министрликлер тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Шымбай районы ҳәкимлигиниң экономика ҳәм финанс бөлиминиң бас қәнигеси Ҳамид Қыдырниязов.

– Президентимиздиң қарары тийкарында, жәмийетимизге Шымбай Дийқан базары аймағынан 0,26 гектар жер ажыратылып, ҳәзирги күнлери 5 қабатлы заманагөй саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплексиниң 3 қабатын өриў ҳәм монтажлаў, екинши қабатын сыбаў ислери алып барылмақта, – дейди «Альянс Арал строй S» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң прорабы Айтбай Сейитырзаев. – Қурылыс жумысларын жедел алып барыў ушын «Микрокредитбанк»тен арнаўлы қаржылар ажыратылып, қурылыс материалларын иркинишсиз алып келип турмыз. Ҳәзирги күнлери қурылыста 30 дан аслам жумысшы усталар ҳәм арнаўлы транспортлар ўақыт пенен санаспастан жумыс жүргизбекте.

Ҳақыйқатында, соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, Шымбай районын жедел комплексли раўажландырыў бағдарында көплеген ислер әмелге асырылмақта. Шымбай Дийқан базары аймағында бой тиклеп атырған 5 қабатлы саўда комплекси болса, инсан қәдири принципи тийкарында исленип атырған ийгиликли ислердиң айқын көриниси болып табылады.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-май кунги «Шымбай районын 2021-2022-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, сондай-ақ, район аймағындағы социаллық тараў мәкемелери, автомобиль жоллары ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринде курылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў ҳаққында»ғы 326-санлы қарарына тийкар 39 млрд 84 млн сумлык курылыс жумысларын әмелге асырыў бойынша белгиленген.

Ҳәр бир мийманды «Хош келдиңиз!» деп жыллы жүз, толы дастурхан менен күтип алатуғын Шымбай елиниң кирер босағасына ата-бабаларымыз мийрасы болған қараүйдиң шаңарағы тымсалы болған стелла белгиси орнатылып, әтирапы абаданластырылды. «Гүлистан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан заманагөй үлгидеги 1400 орынлық заманагөй Амфитеатр имаратының бой тиклеп, пайдаланыўға тапсырылғаны районда мәденият тараўдың еле де раўажланып, жаңадан-жаңа талант ийелериниң көплеп жетилисип шығыўы ҳәм аймақ халқының мәдений дем алыўына қолайлы имканият болды.

Заманагөй үлгидеги 1500 орынлық футбол стадионының халық ийгилигине пайдаланыўға берилиўи келешекте бул жерде спорттың футбол түриниң раўажланыўына беккем тийкар  болды деп айта аламыз.

Ал, Шымбай қаласы орайында район ҳәкими Айбек Тажетдиновтың тиккелей басламасы менен «Ўатансүйиўшилер бағы»ның ашылыўы ҳәм онда ҳәр қыйлы әскерий техникалар көргизбесиниң шөлкемлестирилиўи болса, өсип киятырған жас әўладты әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўы менен әҳмийетли. Сондай-ақ, район орайынан заманагөй үлгидеги «Жаслар орайы» имаратының курып питкерилиўи жасларымыз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар есигин ашпақта.

Өтип баратырған өмиримиз ҳәм ўақыт тымсалы болған «Курант» саатының бой тиклеўи болса, қала келбетине және көрк бағышлап, көпшиликти терең философиялық ойлаўға, жақсы ислер басында болып, ўақыттан нәтийжели пайдаланыўға шақырып турғандай сезиледи.

Районлық Мәденият сарайы, район ҳәкимияты имараты менен районлық Медицина бирлеспесине қараслы бес қабатлы емлеўханада реконструкция жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде бүгинги күни олар заманагөй көриниске ийе болды.

Еки полосалы кең, тегис ҳәм еки бойы жақтыландырылған жоллар болса, келген ҳәр бир мийманның хәўесин келтирери сөзсиз. Өткен жыллар даўамында район аймағында жәми 243,19 км ишки жоллар оңланып, 20 км ден аслам пиядалар жоллары қурылып, оларға 555 дана түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм
25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм де район аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде Наўайы ўәлаяты бириктирилген болып, бул бойынша “Жол картасы” ислеп шығылды. Усыған тийкар Наўайы ўәлаятының бюджет қаржылары есабынан бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда,  Кеңес аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 700 млн. сумлық жаңадан аўыл пуқаралар жыйыны кеңсеси, социаллық тараў объектлеринен, Тағжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 4 млрд. 500 млн. сумлық  жаңадан 120 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурып берилди. Сондай-ақ, усы аймақта жайласқан “Ерлер мириўбет үйи”не 1 млрд. 200 млн. сумлық қосымша жаңадан имарат қурып берилген болса, Тазажол аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы
6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине
570 млн. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Гүжимли, Көкши қала ҳәм де Кеңес мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1 млрд. 200 млн. сумлық
3 дана кишифутбол майданшасы қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды.

Инфраструктура объектлеринен район аймағындағы Шахтемир, Жипек жолы, Қаракөл, Темир жол гүзары мәкан пуқаралар ҳәм де Тазғара, Қостерек аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларына  400 млн. сумлық 6 км ишимлик суў тармақлары, Бердақ, Қаракөл ҳәм Темир жол гүзары мәкан пуқаралар жыйынларына 150 млн. сумлық 1 км.
газ тармағы тартылды. Дослық, Қаракөл, Көнши мәкан пуқаралар ҳәм Майжап, Тазғара, Қамысарық аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларына 480 млн. сумлық  ҳәр аймаққа
1 данадан жаңадан трансфоматор пунктлери орнатылды. Сондай-ақ, район аймағындағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында жәми 20 км ишки хожалық жолларын оңлаў жумыслары алып барылды.

ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күни “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнǝсип турмыс шараятларын жаратыў ҳǝм мǝҳǝллелер инфраструктурасын жǝне де жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары қабыл етилген еди. Усы қарарға тийкар Наўайы ўǝлаяты ҳǝкимлиги тǝрепинен Шымбай районында жасаў шараяты аўыр шаңарақларға тийисли 918 жайдың бастырмасын оңлаў, шиферлаў ҳǝм 46  авариялық жағдайдағы жайларды жаңадан қурыў жумысларын алып барыў белгиленген.

Бүгинги күни районымызда 434 жайдың төбе бастырмасы шиферланған болса, авариялық жағдайдағы 3 жай жаңадан қурып питкерип берилди. Соның менен бирге ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрь күнги «2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында район орайынан өтиўши республикалық әҳмийеттеги 4Р176 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” автомобиль жолының 58-63 км аралығына 22 млрд. 748 млн.сумлық ҳәм 4р175 “Нөкис-Ақмаңғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдәрья” автомобиль жолының 54,7 км аралығындағы көпирге 2 млрд. 800 млн сумлық  реконструкция жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде, ол тегис ҳәм рәўан жолға айланды.

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрь күнги “2026-2028-жылларда ϴзбекстан Республикасының социаллық ҳǝм де ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы 393-санлы қарарына тийкар 17 млрд. сумлық райондағы “Тағжап” каналының 13,3 километр аралығына рекунструкция жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, өткен жыллар ишинде районлық Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 38-санлы улыўма билим бериў мектебине жаңадан 420 орынлық имарат қурылып, реконструкция жумыслары алып барылған болса, районлық 23-санлы улыўма билим бериў мектебине реконструкция жумыслары алып барылып, қосымша оқыў имараты менен спорт залы қурып питкерилди. Сол қатары Қостерек АПЖ аймағындағы 31-санлы мектепке болса қосымша имарат ҳәм спорт залы қурылып питкерилди. Ал 2024-2025-оқыў жылында болса Оржап мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 32-санлы мектепке 330 орынлық жаңа имарат қурылып, реконстукция жумыслары жүргизилип, бул мектеплердиң барлығына жанадан оқыў, спорт инвентарлары менен компьютер әнжамлары жаңадан алып келинди.

Сондай-ақ, келешегимиз ийелери болған кишкенелеримиз тәрбияланатуғын мектепке шекемги билимлендириў орынлары да итибардан шетте қалмады.

Атап айтқанда, Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан 120 орынлық, Қостерек аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан 120 орынлық, Абат мәкан мәҳәллесинде болса 120 орынлық ҳәм Көкши кала мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан Наўайы ўәлаяты қәўендерлигинде 120 орынлық балалар бақшалары курылып, пайдаланыўға тапсырылды. Ал, 12 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми менен барлық улыўма билим бериў мектеплеринде қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Ал, быйылғы оқыў жылының басында болса, 24-санлы улыўма орта билим бериў  мектебине қосымша оқыў имараты салып берилген болса, бурынғы Шымбай педагогикалық колледжи имараты ири оңлаўдан шығарылып, 50-санлы улыўма орта билим бериў мектебине айландырылды. Гүлистан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылған 46-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болса, аймақ халқы ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.

Соның менен бирге, Дослық мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаӊадан қурылып атырған 330 орынлық мектеп, Шахтемир МПЖ аймағынан улыўма баҳасы 3,5 млрд сумлық жабық спорт комплекси ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў бөлими жанынан жаңадан 13 млрд. 936 млн сумлық 67 орынлық туўыў үйи имаратын қурыў жумыслары ǝмелге асырылады.

Усылар менен бир қатарда, район аймағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетиниң ашылыўы илим ийелеўге қызығыўшы жаслар ушын оғада қолайлы имканият болды. Бүгинги күни бул оқыў дәргайында математика, экономика, бухгалтерия, қарақалпақ тили, инглис тили, психология ҳәм дене мәденияты қәнигеликлери бойынша 730 студент тәлим-тәрбия алмақта.

Халқымыз денсаўлығын сақлаў, оларға заманагөй медицианлық хызмет көрсетиў мақсетинде Қытай, Түркия,  Ҳиндстаннан ең заманагөй технологияларда ислейтуғын аппаратуралар алып келинип, районлық медицина бирлеспесиниң материаллық-техникалык базасы беккемленди. Сондай-ақ, Майжап елатындағы 54-санлы аўыллық шыпакерлик пункти жаңадан қурылып питкерилип, 6 орында жайласқан аўыллық шыпакерлик пунктлеринде реконструкция жумыслары әмелге асырылды.

Жаңадан Гүжимли, Таза жол, Кеңес ҳәм Оржап мәкан пуқаралар жыйынларының кеңсе имаратлары курып питкерилди.

Жипек жолы ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны аймақларынан көп қабатлы 12 турақ жай имаратының қурылып пайдаланыўға тапсырылыўы аймақ халқын айрықша қуўанышқа бөледи. Бул турақ жайларда жасаўшы халыққа қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 16,7 км артық канализация тармақлары да тартып берилди.

Сондай-ақ, Шымбай районы аймағын комплекс раўажландырыў, жоқары экономикалық өсиўге ерисиў, бизнес орталығын жаратыў, өсиў точкаларын иске қосыў, халықтың бǝнтлигин тǝмийинлеў ҳǝм дəраматларын арттырыў мақсетинде, Президентимиз тәрепинен 2025-жылдың 1-март сәнесинде қабыл етилген ПҚ-132-санлы қарары тийкарында, сырт елдиң жойбарлаў институтлары ҳәм консультантларын тартқан ҳалда Шымбай районы орайының бас режесине муўапық, Шахтемир, Гүлистан, Жипек жолы, Дослық ҳәм Көкши қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жәми 510 гектар жер майданының халық ҳәм исбилерменлерге қолайлы шараят жаратыўға қаратылған Мастер-Режесин ислеп шығыў белгиленди.

Мастер-Режеге Түркия Республикасының “Studio Vertebra” кәрханасы жойбарлаўшы ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) консультант етип белгиленген. Бүгинги күни бул компаниялар тәрепинен Шымбай районын жедел-комплекс экономикалық раўажландырыў МАСТЕР-РЕЖЕСИ ислеп шығылып, оған муўапық “туризмди раўажландырыў,” “киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў,” “қала орталығын жақсылаў” тийкарғы бағдарлары шеңберинде төмендеги әмелий жумыслар орынланбақта. Атап айтқанда, Бас режениң спорт ҳәм экотуризмди раўажландырыў бағдарына муўапық, Шахтемир МПЖ аймағында 4,6 гектар жер майданында ат спортын раўажландырыў ҳәм нәсилли атларды көбейтиўге қаратылған жылқышылық тийкарында ат спорт клубын шөлкемлестириў бойынша “Өсербай шабандоз ат спорты клубы” ЖШЖ тәрепинен жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, Бас режеде белгиленген қала орталығын жақсылаў ҳәм халық ушын дем алыў аймақларын жаратыў ўазыйпаларына тийкарланып, Шахтемир, Жипек жолы ҳәм Дослық МПЖлары аймағынан өтетуғын Кегейли каналы бойлап 5 км жағалаўды беккемлеў, абаданластырыў, пиядалар жолларын қурыў ҳәм жаслар сейил етиў орнын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Жойбар Республикалық бюджет есабынан қаржыландырылып, оған 23,5 млрд сум ажыратылған. Қурылыс жумысларының 50 проценти орынланған. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте. Усылар менен бир қатарда, Бас Режеге тийкар 24/7 режиминде жумыс алып барыўшы саўда, хызмет көрсетиў ҳәм туризм аймақларын қәлиплестириў ўазыйпаларына муўапық, Беруний, А.Темур ҳәм Ш. Рашидов көшелери ҳәм Кегейли каналы бойында саўда, кеўилашар, гастрономиялық ҳәм туризм көшесине айландырыў бойынша жумыслар басланды. Бул жойбардың биринши басқышы шеңберинде 290 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылады. Сондай-ақ, Беруний ҳәм А.Темур көшелеринде жол инфраструктурасы жақсыланып, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў қубырлары тартылды және түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды.

Аймақта туризм инфраструктурасын раўажландырыў ўазыйпасы шеңберинде Қаракөл МПЖда “Ерполатов-Ықлас” ЖШЖ тәрепинен 3 қабатлы, 25 орынлық мийманхана қурып питкерилди.

Мастер-Режениң транспорт ағымын тәртипке салыў ўазыйпаларына муўапық, Кегейли каналына 2 жаңа көпир қурыў арқалы жүк тасыўшы автомобильлерди айланба жол бойынша ҳәрекетлениўин тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жойбарға Республикалық бюджет есабынан 15 млрд сум ажыратылды ҳәм ҳәзирги ўақытта бул жумыслардың 70 проценти орынланды. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте. Мәдений мийрас объектлерин туризмге интеграциялаў жойбары шеңберинде болса, Көкши қала МПЖда жайласқан, 100 жылдан аслам тарийхқа ийе “Пристав үйи” имаратына алып барыўшы жол инфраструктурасы ҳәм түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Соның ишинде, Шымбай районының Тазғара АПЖ аймағында жәми 4 жасыл бағ ямаса жасыл жәмийетлик парк жаратыў ушын 4,2 гектар жер майданлары таңлап алынып, белгиленген тәртипте дизим қәлиплестирилди. Сондай-ақ, “Мениң бағым” жойбары шеңберинде баҳасы 250 миллион сум болған 2,0 гектар жер майданында “Жасыл жәмийетлик парк” қурыў жойбары “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы жеңимпаз деп табылды. Бул жойбар бойынша “Яшиллойиҳа” жойбарлаў институты тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, қурылыс жумыслары әмелге асырылды.

Жоқарыда атап өтилген жойбарлар Шымбай районын комплексли экономикалық раўажландырыў Мастер-Режесинде белгиленген тийкарғы бағдарларға толық сәйкес болып, туризмди раўажландырыў, исбилерменликти раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм халық ушын заманагөй қала орталығын жаратыўға қаратылған.

Исбилерменликти еле де раўажландырыў арқалы халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир неше ири жойбарлар, атап айтқанда, «Жүзбасы» | жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 1 млн. 700 мың АҚШ долларлық, «Шымбай агрокластери 1 млн. 400 мың АҚШ долларлық дәнди қайта ислеп шығарыўшы ҳәм “HD SONS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен болса 12 миллион АҚШ долларлық ийирилген жип ислеп шығарыўшы кәрханалар иске түсирилип, буның нәтийжесинде 400 ден аслам адам жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлениўи режелестирилмекте. Бул кәрханада жылына 4 мың тонна жип ислеп шығарылып, бунда экпспорт көлеми 6 млн. 600 мың АҚШ долларын қурайды.

Сондай-ақ, аўыл хожалығында ғәлле, пахта ҳәм мийўе, палыз егинлеринен мол зүрәәт жетистириў арқалы халқымыз дастурханының толы болыўына ерисиў бағдарында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы