Өзбекстан ҳәм Чувашия туризм тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды

16

Халықаралық туризм байланысларын раўажландырыў, жаңа жөнелислерди жолға қойыў ҳәм туристлер ағымын арттырыў мақсетинде Өзбекстан түрли мәмлекет ҳәм аймақлар менен бирге ислесиўди избе-из кеңейтпекте. Бул болса мәмлекеттиң бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм туризм потенциалын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Туризм комитети баслығының орынбасары С.Тожиев Чувашия Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм мүлк қатнасықлары министри Лариса Рафикова менен ушырасты. Тәреплер туризм тараўындағы еки тәреплеме байланыслардың перспективаларын додалап, бир қатар бағдарларда системалы бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алды.

Сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы транспорт қолайлығы мәселеси болды. Тәреплер Чебоксары ҳәм Өзбекстанның туристлик орайлары – Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Үргенш арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул туристлер ағымын арттырыў ҳәм сапарларды және де қолайлы етиў имканиятын береди.

Өзбекстан тәрепи республиканың туризм потенциалын, соның ишинде, Уллы Жипек жолы қалалары бойлап мәдений-ағартыўшылық бағдарлар, санатория-саламатландырыў орынлары, сондай-ақ, таў ҳәм санаат туризми имканиятларын усынды.

Ушырасыў жуўмағында еки регионның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, соның ишинде, туроператорлар ушын инфотурлар өткериў бойынша биргеликтеги илажлардан ибарат “жол картасы”н ислеп шығыўға келисип алынды.

Муҳайё Тошқораева,  ӨзА