Дүнья хабарлары қысқа қатарларда (+видео)

Иран әскерлери: урыс қашан тамамланыўын биз шешемиз
Иран Ислам революциясы қорғаўшылары корпусы Дональд Трамптың “урыс тез арада тамамланыўы мүмкин” деген баянатына жуўап ретинде, урыс қашан тамамланыўын өзлери шешетуғынын мәлим етти. Билдириўде саўаш майданындағы шараятлар ҳәм қарарлар Иранның қолында екени атап өтилди. Соның менен бирге, Иран ракета соққыларын даўам еттириўге таяр екенин билдирди ҳәм АҚШ пенен жаңа сөйлесиўлер ҳәзирше күн тәртибинде емес екени атап өтилди.
Украина Брянсктеги заводқа Storm Shadow ракеталары менен соққы берди
Украина Қураллы Күшлери Россияның Брянск қаласындағы “Кремний Эл” микроэлектроника заводына Storm Shadow қанатлы ракеталары менен соққы берди. Ҳуқықый дереклерге бола, ҳүжимде алты адам қайтыс болған, 37 адам жарақатланған. Украина тәрепи бул соққыны Россияның әскерий-экономикалық потенциалын азайтыў мақсетинде әмелге асырғанын билдирди ҳәм операция видеосын жәриялады.
Қазақстанлы шыпакер Нью-Йорк-Ташкент рейсинде жолаўшының өмирин сақлап қалды
Ерсин Жунусов атлы қазақстанлы шыпакер Нью-Йорк-Ташкент рейсинде самолёт бортындағы жолаўшыға қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетти. Наўқас күшли тахикардия ҳәм жоқары қан басымы менен аўырласқанда, шыпакер шама менен 10 саат даўамында оның жағдайын бақлады, кислород жалғанды ҳәм зәрүр дәрилер берилди.
Қазақстан Россиядан көшип келген айырым пуқараларды депорт етиўи мүмкин
Қазақстан Миллий қәўипсизлик комитети ўақтынша жасаў руқсатнамаларын қәлбекилестириўге байланыслы ири жынаят исин тергеў етпекте. Медуза хабарына бола, ис Россиядан көшип келген айырым шахслардың депортациясына алып келиўи мүмкин. Қәнигелер бул жумыстың артында миграция сиясатын қатаңластырыў ҳәм итималлы ғалабалық депортация таярланып атырғанын айтпақта.
BioNTech тийкарын салыўшылары жаңа компания шөлкемлестиретуғынын жәриялады
Угур Шахин ҳәм Өзлем Туречи Германияның BioNTech компаниясындағы басшылық лаўазымларынан босап, mRNK технологиясы бойынша изертлеўлер алып баратуғын жаңа кәрхана шөлкемлестиретуғынын мәлим етти. Реутерс хабарына бола, ерли-зайыплы илимпазлар BioNTech‘те клиникалық басқышқа қаратылған изертлеўлер орнына басланғыш илимий изертлеўлерге итибар қаратыўды режелестирмекте.
G7 ҳәзирше стратегиялық нефть резервлеринен пайдаланбайды
G7 мәмлекетлери ҳәм Халықаралық энергетика агентлиги (ХЭА) жәҳән нефть базарындағы жағдайды баҳалады, бирақ ҳәзирше стратегиялық нефть резервлерин базарға шығарыў илажы қолланылмайды. Дереклерге бола, ХЭАға ағза 32 мәмлекет қолында 1,2 миллиард баррельден аслам стратегиялық нефть резерви бар. Соның менен бирге, агентлик тарийхтағы ең ири резерв шығарыў вариантын да көрип шықпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги