Өзбекстан суд системасы Германия тәжирийбеси тийкарында жетилистириледи

6

Жоқарғы суд баслығының орынбасары Ш.Полвонов Германия Федеративлик Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў қорының директоры Ш.Хюльсхёрстер менен ушырасты.

Онда суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Судлардың жумысына жасалма интеллект технологиялары, атап айтқанда, “Санлы суд” концепциясын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға қаратылған реформалар оларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеўде системалы реформалар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьдағы “Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў концепциясын әмелге асырыў шеңберинде жаңа редакциядағы Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекс жойбары үстинде кең көлемли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Германия ҳәкимшилик судлаў системасы раўажланган мәмлекет есапланады. Сол себепли, сөйлесиў ўақтында бул тараўдағы Германия судларының тәжирийбеси Өзбекстан ушын қызықлы ҳәм әҳмийетли екени айтып өтилди. Соның менен бирге, ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўдеги бирге ислесиў мәмлекетимизде бул тараўды жетилистириў, судьялардың маманлығын арттырыў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм таллаў арқалы республикамызда ҳәкимшилик әдил судлаўды раўажландырыўға өз үлесин қосатуғынына исеним билдирилди.

Германия халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў қорының жойбарлары шеңбериндеги бирге ислесиўдиң басқа да мәселелери додаланды.

Мийманлар судлардың жумысына енгизилген мәлимлеме-коммуникация технологиялары, санластырыў процесслери және физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын жаратылған интерактив хызметлердиң имканиятлары менен жақыннан танысты. Жоқары судтың музейин көзден өткерди.

Н.Абдураимова,  ӨзАның хабаршысы