Қытай тәжирийбесин жергиликли басқарыў системасында қолланыў имканиятлары додаланды

11

Мәмлекетимизде алып барылып атырған ақылға уғрас сиясат себепли дүнья жәмийетшилигиниң елимизге болған исеними барған сайын артып бармақта. Тараўлар кесиминде орнатылып атырған бирге ислесиўлер пикиримиздиң айқын көриниси болып есапланады.

Қытайдың абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери – Фудан университетиниң профессоры Ван Сяолин ҳәм Пекин педагогикалық университетиниң профессоры Чжан Си басшылығындағы делегация Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясында кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2025-жылы алып барылған изертлеў нәтийжелерин усынды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының проректоры Раима Ширинова ҳәм бир қатар министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиў даўамында Қытай тәжирийбесин илимий жақтан таллаў ҳәм оны жергиликли басқарыў системасында қолланыў имканиятлары додаланды.

Тәреплер Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы, Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы ҳәм Өзбекстан Миллий университети менен биргеликте усы жылдың май айында “Ең жақсы ҳүкимет – ең жақсы басқарыў” темасында халықаралық конференция өткериў, сондай-ақ, қоспа илимий изертлеўлер ҳәм тәжирийбе арттырыў бағдарламаларын жолға қойыў бойынша келисимге еристи.

Келешектеги бирге ислесиўлер дослық байланысларды және де беккемлеўге ҳәм мәмлекетлердиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғыны атап өтилди.

Шербек Исломов, ӨзА