Қысқа роликлердиң үлкен тәсири

5

Мәлимлеме мәканында мағлыўматлар соншелли көп, инсан итибарын тартыў барған сайын қыйынласып бармақта. Социаллық тармақлар, реклама, жаңалықлар ағымы ҳәм көплеген мультимедиа коньтентлери арасында әҳмийетли социаллық идеяларды жеткериў ушын қысқа, тәсиршең ҳәм есте қаларлық формалар зәрүр болмақта. Усы жағынан мультфильм түриндеги социаллық роликлер бүгинги коммуникация системасында айрықша орын иелейди.

Анимация арқалы жаратылған социаллық роликлер аўыр ҳәм қурамалы темаларды да жеңил, түсиникли ҳәм символикалық мәнисте билдириў имканиятын береди. Әпиўайы сызықлар, образлар ҳәм қысқа гүрриң арқалы тамашагөйге терең философиялық ямаса социаллық пикир жеткериў мүмкин. Бул болса анимацияны тек кеўил ашар көркем өнер түри емес, ал жәмийеттиң машқалаларын көрсететуғын күшли коммуникация қуралына айландырады.

Анимацияның ең әҳмийетли қәсийетлеринен бири оның символлық тили болип табылады. Реал кино көбинесе ҳақыйқатты анық сүўретлеўге умтылса, анимация болса метафора ҳәм образлар арқалы пикирди жеткереди. Нәтийжеде тамашагөй әпиўайы ўақыяны тамаша етип атырғандай болып көринеди, бирақ оның артында терең социаллық мәни жасырынған болады.

Психологлардың пикиринше, инсан мийи символлық образларды тезирек қабыл етеди ҳәм олар естеликте узақ сақланады. Сол себепли қысқа анимациялық роликлер көбинесе үлкен тәсир күшине ийе болады. Әсиресе, балалар ҳәм жаслар ушын анимация арқалы берилген социаллық идеялар бирқанша нәтийжели есапланады.

Француз анимация студиясы тәрепинен жаратылган “Сүйилмеген қасқыр” ролиги социаллық анимация үлгилеринен бири сыпатында кеңнен танылған. Бул ролик қысқа ўақыт ишинде интернет тармақларында тез тарқалып, миллионлаған тамашагөйлердиң итибарын тартқан.

Ролик ўақыясы әпиўайы шаңарақлық сахна менен басланады. Жаңа жыл алдында шаңарақ ағзалары байрам дастурханы әтирапында жыйналады. Лулу атлы кишкене бала саўға қутысын ашип, ишинен ойыншық қасқыр шығып атырғанын көрип қорқып кетеди ҳәм они қайтарып береди. Сонда саўға ийеси оған басқаша қасқыр ҳаққында айтып береди.

Повестте тоғайдағы барлық ҳайўанлар қорқып қашатуғын жалғыз қасқыр сүўретленеди. Ол жыртқышлығы себепли ҳәмме тәрепинен жек көриледи. Бирақ ол басқалардың исеними ҳәм муҳаббатына ерисиў ушын өзин өзгертиўге қарар етеди ҳәм ҳәттеки вегетарианға айланыўға да таяр болады.

Бул ролик арқалы жәмийетте бар стереотиплер мәселеси көтериледи. Гейде адамлар сыртқы көриниси ямаса алдыннан қәлиплескен түсиниклер тийкарында баҳаланады. Негизинде болса ҳәр бир инсанның ишки дүньясы басқаша болыўы мүмкин. Ролик тамашагөйди мине усы стереотиплерден ўаз кешип, басқаларға тилеклеслик пенен қараўға шақырады.

Аргентиналы аниматорлар тәрепинен жаратылган “Тhе Employment” (“Жумыс пенен тәмийинленгенлик”) атлы қысқа метражлы анимация да социаллық мазмуны менен ажыралып туради. Бул ролик заманагөй жәмийеттеги социаллық инсанның қәдирсизлениў машқаласын көрсетеди.

Роликтеги дүнья әжайып: онда барлық буйымлардың орнын адамлар ийелеген. Мәселен, шыраның орнында адам турады, стол-стул ўазыйпасын да инсанлар атқарады, ҳәтте дәлиздеги гилем де адамлар арқалы сүўретленеди. Бул образ арқалы авторлар жәмийеттеги айырым инсанлар басқалар тәрепинен әпиўайы қурал сыпатында көрилетуғынын сынға алады.

Роликтиң күшли тәрепи сонда, онда дерлик диалог жоқ. Барлық пикирлер визуал образлар арқалы анлатылады. Бул болса анимацияның универсал тилге ийе екенлигин көрсетеди: ол түрли мәденият ҳәм тиллерге тийисли тамашагөйлер тәрепинен бирдей түсиниледи.

Аниматор Стив Катсс тәрепинен жаратылған “Маn” (“Инсан”) ролиги экологиялық темадағы ен белгили анимациялық шығармалардан бири. Бул ролик инсанияттың тәбиятқа болған бийпәрўа ҳәм агрессив қатнасын кескин сынға алады.

Роликте инсан дүньяға келеди ҳәм өз жолында ушыраған барлық нәрсени жей баслайды. Ол ҳайўанларды аўлайды, тоғайларды кеседи, санаат өндирисин раўажландырады ҳәм нәтийжеде тәбиятты ўайран етеди. Ҳәр бир сахна инсан искерлиги нәтийжесинде тәбияттың қандай зыян көрип атырғанын көрсетеди.

Роликтиң соңғы сахнасы оғада символикалық мәниске ийе: инсан өзи жаратқан шығындылар үйиминиӊ ишинде қалып кетеди. Бул арқалы авторлар экологиялық машқалалар инсанияттың өзине қарсы қайтатуғынын көрсетеди.

Анимациялық социаллық роликлер арасында “Алике”, “Уқсаслар” атлы фильм де өзиниң терең философиялық мазмуны менен ажыралып турады. Бул ролик ата ҳәм бала қатнасықлары ҳәм билимлендириў системасының айырым машқалаларын сүўретлейди.

Роликтеги дүнья гүңгирт реңлерде сүўретленген. Адамлар бирдей ҳәрекет етеди, бирдей ислейди ҳәм бирдей пикирлейди. Тек кишкене бала ашық реңлерде сүўретленген болып, бул оның дөретиўшилиги ҳәм еркин пикирлеўин аңлатады. Бирақ мектеп ҳәм жәмийет кем-кемнен оны да басқалар сыяқлы “реңсиз” системаға бейимлесиўге мәжбүрлейди.

Фильм жуўмағында әке улының ишки реңин, яғный оның дөретиўшилик қәбилетин сақлап қалыў ушын системаға қарсы шығады. Бул сахна тамашагөйди билимлендириў системасының тийкарғы мақсети ҳаққында ойлаўға шақырады: билимлендириў балаларды стандарт қағыйдаға салыў ушын емес, ал олардың индивидуаллығын раўажландырыў ушын хызмет етиўи керек.

Социаллық анимациялық роликлер көбинесе минималистлик усылда жаратылады. 2D минимализм, әпиўайы сызықлар, әпиўайы формалар ҳәм аз реңлерден пайдаланыўды аңлатады.

Бул усыл тамашагөйдиң дыққатын артықша визуал детальлардан алжастырмайды ҳәм тийкарғы идеяға қаратади.

Басқа тәрептен, айырым анимациялар 3D усылында жаратылады. Бул усыл ўақыяны барлық детальлар менен сүўретлеў имканиятын береди ҳәм тамашагөйде күшли эмоционаллық тәсир оятады. Ҳәр еки усылдың мақсети бирдей социаллық идеяны ең нәтийжели түрде жеткериў.

Бүгинги күнде қысқа видео форматлары (шорт видео) интернет мәканында ең көп тарқалған контентлерден бири болып есапланады. Анимациялық социаллық роликлер де әйне усы форматқа сәйкес келеди. Олар әдетте 2-5 минут даўам етеди, бирақ сол қысқа ўақыт ишинде тамашагөйде күшли сезимлик ҳәм интеллектуаллық тәсир оятади.

Бундай роликлер социаллық тармақлар арқалы тез тарқалады ҳәм миллионлаған адамлар тәрепинен тамаша етиледи. Нәтийжеде олар жәмийетте әҳмийетли мәселелер бойынша жәмийетлик пикирди қәлиплестириўге де хызмет етеди.

Инсанды басқа жанзатлардан ажыратып турыўшы ең әҳмийетли өзгешеликлерден бири, оның пикирлеў қәбилети болып есапланады. Анимациялық социаллық роликлер болса усы пикирлеўди оятыўға хызмет етеди. Олар тамашагөйди тек ўақыяны көриўге ғана емес, ал оның артындағы мәнисти аңлаўға да ийтермелейди. Бундай роликлер жәмийеттеги машқалаларды көрсетеди, инсанды өз ис-ҳәрекетлери ҳаққында ойлаўға мәжбүрлейди ҳәм гейде дүньяқарасты өзгертиўге де себеп болады. Усы жағынан анимация жәмийетлик сананы қәлиплестириўде әҳмийетли мәдений қурал есапланады. Мультфильм көринисиндеги социаллық роликлер заманагөй коммуникация қураллары арасында өзине тән орын ийелейди. Олар қысқа болса да, терең социаллық ҳәм философиялық идеяларды өзинде жәмлейди.

Дилдора ДӨСМАТОВА, ӨзА