Халық депутатлары жергиликли Кеңеси баслығының орынбасары институты енгизиледи

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде бир топар депутатлардың басламасы менен киргизилген халық депутатлары Кеңеслери жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша комитет баслығы Гулруҳ Аъзамова толық мағлыўмат берди:
– Бул нызам жойбары менен халық депутатлары жергиликли Кеңеси баслығының орынбасары институтын енгизиў, оған бир ўақыттың өзинде Кеңес секретарьиатының баслығы ўазыйпасын атқарыў ҳәм Кеңес секретариатының хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў ўәкилликлерин бериў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде жергиликли Кеңеслер сессияларының күн тәртиби жойбарын қәлиплестириў ҳәм оларды шақырыў, турақлы комиссиялардың жумысын муўапықластырыў ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик ўәкилликлерге ийе Кеңес Президиумы институты енгизилип, оның жумыс тәртиби белгиленбекте.
Кеңес баслығы ҳәм оның орынбасары жәмийетлик тийкарда жумыс алып барыўы белгиленбекте. Кеңес сессияларында Кеңес баслығы болмаған жағдайда оның орынбасары басшылық етиўи белгиленбекте.
Халық депутатлары Кеңеслеринде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының айырым әҳмийетли социаллық мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлаў бойынша “Кеңес сааты” институты енгизилмекте. Аймаққа байланыслы мәселелер бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының мәлимлемесин тыңлаўда лаўазымлы шахслар депутатлардың сораўларына жуўап бериўи белгиленбекте.
Депутатлар тәрепинен нызам жойбарын буннан былай да жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар берилди. Өткен дәўирде жуўапкер комитетте бул усыныслар ҳәр тәреплеме талланып, олардың тийкарлы деп табылғанлары ҳүжжет текстинде сәўлелендирилди.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи халық депутатлары Кеңеслериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм орынларда Кеңеслердиң қадағалаў жумысын жетилистириўге хызмет етеди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият жумысының нәтийжелилигин тәмийинлейди, – деди Гулруҳ Аъзамова.
Додалаўларда көтерилген сораўларға тийисли жуўаплар берилди ҳәм нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзАның хабаршысы