Өзбекстан делегациясы БМШтың Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясы сессиясында қатнаспақта

АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссияның 70-юбилей сессиясы болып өтпекте.
Онда Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта. Делегация қурамында сенатор Гулнора Маруфова, Жоқарғы суд баслығының орынбасары Малика Қаландарова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Мукаррам Нурматова ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай директорының орынбасары Дилноза Муродова бар.
Абырайлы форумда БМШқа ағза мәмлекетлердиң парламент ағзалары, халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнаспақта.

Ҳаял-қызлардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, ҳаял-қызлардың сиясат ҳәм экономикадағы қатнасыўын кеңейтиў, зорлыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттиң ҳаял-қызлар ҳуқықларына тәсири БМШ юбилей сессиясының тийкарғы темасына айланды.
Сессияның салтанатлы ашылыў мәресиминде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш ҳаял-қызлар ҳуқықлары тараўындағы бирде-бир жетискенлик өз-өзинен пайда болмайтуғынын – ҳәр бир алға тасланған қәдем белсендилер, ҳуқық қорғаўшылар ҳәм жәмийетлик ҳәрекетлердиң узақ даўам еткен гүреси нәтийжеси екенин айрықша атап өтти.

“БМШ-ҳаял-қызлар” структурасының атқарыўшы директоры Сима Бахус өзиниң шығып сөйлеўинде гендер теңликти қоллап-қуўатлаўшы мәмлекетлердиң ҳүкиметлери ҳәм шөлкемлери жағдайды жақсы тәрепке өзгертиў ҳәм адамлардың турмысын жақсылаў ушын жетерли дәрежеде күшли тәсирге ийе екенин атап өтти.
Әнжуман шеңберинде барлық ҳаял-қызлардың әдил судлаўға болған ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм кеңейтиўге қаратылған нызамларға итибар қаратылды. Бул, биринши гезекте, кемситиўши нызамлар, сиясат ҳәм әмелиятларды сапластырыў және системалы тосқынлықларды сапластырыў арқалы инклюзив ҳәм әдил ҳуқықый системаларды қәлиплестириўди өз ишине алады.
Өзбекстан делегациясы әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў, кемситиўши нызамлар, сиясат ҳәм әмелиятларды сапластырыў, системалы тосқынлықларды сапластырыўға бағышланған жоқары дәрежедеги интерактив сөйлесиўде де қатнасты.
Н.Абдураимова, ӨзА