Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў – жәмийет раўажланыўының әҳмийетли шәрти

32

Мүнәсибет

Елимизде инсан қәдирин улығлаў, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын исенимли қорғаў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында избе-из әмелге асырылмақта. Жәмийетте саламат шаңарақ орталығын қәлиплестириў, зорлықтың ҳәр қандай көринисине шек қойыў, жасларды еркин ҳәм жуўапкершиликли турмысқа таярлаў сыяқлы ўазыйпалар бүгинги реформалардың  қурамлық бөлеги болып есапланады.

Усы көзқарастан, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген “Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында”ғы пәрман усы тараўда әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясатта жаңа ҳәм әҳмийетли басқышты баслап берди.

Бул ҳуқықый ҳүжжет, бәринен бурын, жәмийетте саламат шаңарақ орталығын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды ҳәр тәреплеме қорғаў, жасларды еркин турмысқа таярлаў және ерте неке жағдайларының алдын алыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алады. Бул нәрсе шаңарақ институтын және де беккемлеўге, жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Пәрманда неке жасына жетпеген шахслардың арасында әмелде неке қатнасықларына кириў жағдайларының алдын алыў, ата-аналардың перзентлериниң тәғдири ушын жуўапкершилигин күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Бул, әсиресе, ерте некениң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, қызлардың билим алыўы ҳәм жеке раўажланыўына тосқынлық етиўши факторларды азайтыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, жаслардың шаңарақ қурыўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўын хошаметлеўге қаратылған жаңа механизмлер де енгизилип, соның ишинде, 2027-жылдан баслап ҳәр еки тәреп кеминде 21 жасқа толған ҳалда биринши мәрте некеден өткен жас шаңарақларды мәмлекет тәрепинен қосымша жеңилликлер ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары менен тәмийинлеў режелестирилгени жаслардың өмирге саналы қатнасын қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Пәрманда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў, бундай жағдайлардың санын қысқартыў және жәбирленген шахсларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириў ўазыйпалары да белгилеп берилген. Бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар, мәҳәлле структуралары, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери арасында бирге ислесиўди күшейтиў, профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Әсиресе, некелениўшилерди “турмыслық зорлықсыз бахытлы шаңарақлық турмысқа таярлаў” бойынша арнаўлы курсларда оқытыў системасын кеңейтиў арқалы 2030-жылға шекем қамтып алыў дәрежесин 100 процентке жеткериў ўазыйпасы жәмийетте шаңарақлық қатнасықлар мәдениятын арттырыўда әҳмийетли қәдем болады.

Бул курслар жасларға тек ғана ҳуқықый билим бериў емес, ал өз-ара ҳүрмет, қарым-қатнас мәденияты, жуўапкершилик ҳәм аўызбиршилик сыяқлы шаңарақлық қәдириятларды қәлиплестириўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, жаслардың өз өмир жолын саналы түрде белгилеўине жәрдемлесиў, неке шәртнамасын дүзиў әмелиятын хошаметлеў арқалы шаңарақлық қатнасықларда ҳуқықый мәдениятты арттырыўға қаратылған нормалар да үлкен әҳмийетке ийе. Неке шәртнамасын дүзген некелениўшилерди мәмлекетлик бажыдан азат етиў тәртибиниң енгизилиўи бул әмелиятты және де ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.

Пәрманда жас шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары да нәзерде тутылған. Соның ишинде, Социаллық реестрге киргизилген жас шаңарақларға ажыратылатуғын финанслық жәрдемлердиң муғдарының арттырылыўы олардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, дәрамат дереклерин жаратыў ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў ушын кең имканиятларды жаратады.

Ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў де усы пәрманның әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Атап айтқанда, ҳәмиледар студент-қызлар ҳәм 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланып атырған студентлер ушын билимлендириўде “екинши имканият” жаратылыўы  инсаныйлық принциплерине тийкарланған әҳмийетли қарар болып есапланады.

Оларға аралықтан билимлендириў түринде оқыўды даўам еттириў, пәнлер парқын еркин өзлестириў ушын қосымша мүддет бериў сыяқлы имканиятлар ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықын және де беккемлейди.

Әлбетте, қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынларда нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў де оғада әҳмийетли. Әсиресе, мәҳәллелер кесиминде ерте неке, шаңарақлық келиспеўшиликлер ҳәм турмыслық зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша мәнзилли жумысларды алып барыў талап етиледи. Бул бағдарда профилактикалық илажларды күшейтиў, психологиялық хызметлер ҳәм мәсләҳәт топарларының жумысын раўажландырыў, жаслар арасында турақлы үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Жуўмақлап айтқанда, бул пәрман ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, саламат шаңарақ орталығын қәлиплестириў, жасларды еркин турмысқа таярлаў және жәмийетте басым ҳәм зорлыққа пүткиллей маўасасыз қатнасты қарар таптырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып есапланады. Оның мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў, орынланыўын тәмийинлеў ҳәм әмелдеги нәтийжелилигин арттырыў болса, бәршемиздиң улыўма ўазыйпамыз болып есапланады.

Назира Аметова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги