Ерте некениң алдын алыў мәселелери додаланды

6

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында жаслар арасында ерте некениң алдын алыўға қаратылған семинар-тренинг өткерилди.

Семинар-тренингте Педагогикалық шеберлик орайының профессор-оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшылары қатнасты.

Семинар даўамында орай директоры Г.Кожабаева, халықаралық тренер Г.Утепбергеновалар тәрепинен жаслардың келешеги, олардың руўхый ҳәм физикалық бәркамаллығы, сондай-ақ, өмирге жуўапкершилик пенен қатнас жасаўдың әҳмийети сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилип, неке жасы, шаңарақлық жуўапкершилик, жаслардың жеке раўажланыўы ҳәм билим алыўдың әҳмийети темаларында түсиниклер берилди.

Семинарда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги