Өзбекстан ҳәм Эстония: нызам дөретиўшилиги тараўындағы бирге ислесиў кеңейтиледи

21

Сенатта “Өзбекстан – Эстония” ҳәм “Эстония – Өзбекстан” бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлардың онлайн ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиўде еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны, бул бирге ислесиў беккем тарийхый тийкарларға ийе екени және өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплери тийкарында раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Ушырасыў ўақтында парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Атап айтқанда, парламентлераралық топарлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, парламентлик қадағалаў механизмлерин жетилистириў ҳәм бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Нызам дөретиўшилиги тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, алдыңғы тәжирийбелер менен ортақласыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди жаңа мазмун менен байытыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер делегациялар алмасыўы ҳәм турақлы сөйлесиўлер арқалы бирге ислесиўди және де жеделлестириўден мәпдар екенин билдирди.

Н.Абдураимова, ЎзА