Аўыл хожалығы егинлерин суўықтан қалай қорғаў мүмкин? Дийқан ҳәм фермерлер ушын әҳмийетли усыныслар

3

Соңғы күнлерде синоптиклер тәрепинен 10-12-март күнлери ҳаўа-райы температурасының кескин төменлеўи ҳәм суўық түсиў итималы ҳаққында ескертиўлер берилди. Бундай шараятта аўыл хожалығы егинлерин сақлап қалыў ҳәм оларға жеткерилиўи мүмкин болған зыянды азайтыў мәселеси әҳмийетли орын ийелейди.

Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, https://gov.uz/oz/agro/news/view/111592 министрлик ҳәм оның системасындағы илимий-изертлеў институтларының илимпазлары тәрепинен тоқсанбасты усылында жетистирилип атырған пияз ҳәм басқа да егинлерди суўықтан қорғаўға қаратылған әмелий усыныслар ислеп шығылған дийқан ҳәм фермерлерге жеткерилген.

Оған бола, ҳәзирги ўақытта көп жыллық тәжирийбеге ийе дийқан ҳәм фермерлер де өз әмелиятына сүйенген ҳалда егинлерди суўықтан сақлаў бойынша зәрүр илажларды көрмекте.

Атап өтилиўинше, овощ егинлери суўыққа шыдамлылығына қарап бир неше топарларға бөлинеди. Биринши топарға суўыққа шыдамлы ҳәм қысқа шыдамлы егинлер киреди. Булардыӊ қатарына пияз, чеснок ҳәм бурыш сыяқлы егинлер киреди, олар ашық шараятта -10°С дан -15°С ға шекемги суўыққа, қар қатламы астында болса ҳәттеки -20°С дан -25°С ға шекемги температураға шыдам бере алады.

Сондай-ақ, айырым овощ егинлери қысқа мүддетли суўықларға тәбийғый шыдамлы болып, әдетте оларды қосымша қорғаў талап етилмейди. Бирақ суўық күнлерден кейин егинлердиң жағдайын тиклеў ҳәм оларды “стресс” ямаса “шок” жағдайынан шығарыў ушын бир қатар агротехникалық илажларды әмелге асырыў мүмкин.

Бундай жағдайларда егинлерди қосымша азықландырыў айрықша әҳмийетке ийе. Әсиресе, микроэлементлер ҳәм аминокислоталарға бай препаратлардан пайдаланыў жақсы нәтийже береди. Мәселен, бор элементи бар болған Виусид ҳәм Биотрас сыяқлы азықлықларды жапырақ арқалы қолланыў егинлердиң тиклениў процесин тезлестиреди.

Соның менен бирге, өсимликлердиң өсиў процесин қоллап-қуўатлаў мақсетинде тез тәсир ететуғын азотлы минерал төгинлерден де пайдаланыў усыныс етиледи. Атап айтқанда, сульфат аммоний сыяқлы төгинлер егинлердиң раўажланыўын жеделлестириўде нәтийжели болып есапланады.

Буннан тысқары, министрликке бола, суўық шараятта ыссылықты сақлаў илажларын көриў керек. Ҳаўа температурасы төмен болған ўақытларда егинлерди қарық үстине мөлдир плёнка жабыў арқалы қорғаў керек. Бул усыл өсимликтиң әтирапындағы температураны белгили дәрежеде сақлап турыўға жәрдем береди.

Буннан тысқары, топырақ ығаллығын сақлаў ҳәм суўық тәсирин жумсартыў мақсетинде суўғарыў жумысларын өз ўақтында әмелге асырыў зәрүр. Ығал топырақ болса ыссылықты жақсырақ услап турады ҳәм өсимликлердиң суўыққа шыдамлылығын арттырады.

Аўыл хожалығы министрлигине бола, барлық агротехникалық илажлар интенсив усылда ҳәм қысқа мүддетте әмелге асырылыўы керек.

Бундай илажлар тек ғана егинлерди суўықтан қорғаўға хызмет етип қоймастан, ал келешектеги өнимдарлықты сақлап қалыўда да әҳмийетли фактор есапланады.

Солай етип, кескин суўықлар бақланатуғын дәўирлерде аўыл хожалығы егинлерин сақлаў ушын илимий усыныслар ҳәм әмелий тәжирийбелерге тийкарланған агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў жүдә әҳмийетли. Егинлердиң суўыққа шыдамлылығын есапқа алған ҳалда дурыс тәрбиялаў, оларды қосымша азықландырыў, ыссылықты сақлаў ҳәм топырақтың ығаллығын тәмийинлеў сыяқлы илажлар дийқан ҳәм фермерлерге өнимди сақлап қалыў және жетистириў нәтийжелилигин арттырыўда хызмет етеди.

М.Эшмирзаева, ӨзА