Қазақстанлы тәжирийбели профессорлар институтта студентлерге сабақ өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына халықаралық бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм студент-жасларға заманагөй билим ҳәм көнликпелерди жеткериў мақсетинде Қазақстан Республикасы Шахмардан Есенов атындағы Каспий технологиялар ҳәм инжиниринг университетиниң бир топар тәжирийбели профессор-оқытыўшылар келди.
Олар арасында математика пәни бойынша фундаментал илимлер кафедрасының профессорлары Гүлаш Қошанова ҳәм Базаргүл Қулжағарова, физика пәни бойынша усы кафедраның профессоры Лидия Таймуратова, үлкен оқытыўшы Гүлдана Қарабасова, информатика пәни бойынша кафедра доценти Рахат Шуўақбаева, соның менен бирге, тарийх пәни бойынша тарийх ҳәм дәстүрли өнер кафедрасының профессоры Орынгүл Табылдиева институт студентлери ушын қызықлы ҳәм мазмунлы сабақларды өтти.
Сабақлар даўамында студентлер тараўлар бойынша заманагөй илимий қатнаслар, алдынғы педагогикалық методлар ҳәм халықаралық тәжирийбелер менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Сабақлар ашық сәўбетлесиў, сораў-жуўап ҳәм пикир алмасыў формасында шөлкемлестирилип, студентлердиң билимин еле де беккемлеўге хызмет етти.
Қазақстанлы профессорлардың институтқа келиўи оқыў процесин жетилистириў менен бирге, еки жоқары оқыў орны арасындағы илимий ҳәм билим бериў бойынша бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеўге де хызмет етти. Бундай бирге ислесиў профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер арасында тәжирийбе алмасыў, қоспа илимий изертлеўлер жүргизиў, академиялық мобильликти раўажландырыў ҳәм оқыў процесине инновациялық қатнасларды енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, профессорлар менен ушырасыўлар даўамында алдағы ўақытта қоспа илимий-әмелий жойбарларды әмелге асырыў, семинар ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестириў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў сыяқлы мәселелер де додаланды. Бул болса еки жоқары оқыў орны арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги