Наўрыз – миллий дәстүрлер ҳәм инсаныйлық қәдириятлар тымсалы

7

Наўрыз байрамы шығыс халықлары, соның ишинде, өзбек халқының мың жыллық тарийхқа ийе болған ең әййемги ҳәм уллы байрамларынан бири болып есапланады. Тәбияттың ояныўы, жаңа жылдың басланыўы, жаңаланыў ҳәм жақсылық тымсалы болған Наўрыз әсирлер даўамында халқымыздың турмыс тәризи, үрп-әдетлери ҳәм руўхый қәдириятлары менен тығыз байланысып келмекте. Бул байрам тек ғана тәбияттың жаңаланыўын емес, ал инсан қәлбинде де жақсылық, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик сыяқлы пазыйлетлердиң ояныўын сәўлелендиреди.

Наўрыз елимиз көлеминде кеңнен белгиленетуғын, жәмийетте аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлейтуғын әҳмийетли мәдений-руўхый байрамлардан бири болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарына бола, быйыл да Наўрыз байрамын мүнәсип белгилеў мақсетинде “Наўрызды улығлаў – инсанды улығлаў!” деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген кең көлемли шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый ҳәм үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасы тастыйықланып, оның избе-из әмелге асырылатуғыны белгиленди. Бул бағдарлама арқалы Наўрыздың тарийхый ҳәм руўхый мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў, халқымызды ийгиликли қәдириятлар әтирапында бирлестириў нәзерде тутылған.

Наўрыз әзелден мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм мүриўбет сыяқлы инсаный пазыйлетлерди үгит-нәсиятлап келген. Сонлықтан, быйылғы байрам илажларын шөлкемлестириўде де адамгершилик принциплерине айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, Наўрыз мүбәрек Рамазан ҳайыты менен үнлес тәризде белгилениўи байрам мазмунын және де байытады.

Усы мүнәсибет пенен “Меҳрибанлық”, “Сақаўат” ҳәм “Мүриўбет” үйлеринде жасап атырған инсанлардың ҳалынан хабар алыў, оларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў сыяқлы илажлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Бул болса Наўрыздың тийкарғы мәниси инсанды қәдирлеў, жәмийетте аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў идеяларын әмелде көрсетеди.

Наўрыз тәбияттың ояныўы менен байланыслы байрам болғаны себепли экологиялық басламалар да усы сәне менен үзликсиз байланысып кеткен. Сонлықтан, байрам илажлары шеңберинде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде кең көлемли илажлар әмелге асырылады. “Мен де нәл екемен” акциялары, улыўмахалықлық шембиликлер шөлкемлестирилип, елимиз аймақларын буннан былай да абаданластырыў, жасыл аймақларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Бундай басламалар тек ғана қоршаған орталықты сақлаўға хызмет етип қоймастан, ал жас әўладты тәбиятқа меҳир менен қараў, экологиялық мәдениятты қәлиплестириўге де шақырады. Наўрыз тек ғана мәдений-руўхый емес, ал экологиялық әҳмийетке ийе улыўма халықлық байрам болып есапланады.

Наўрыз сейиллериниң ажыралмас бөлеги болған халық сейиллери де быйыл кең көлемде шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, Ташкент қаласындағы “Жаңа Өзбекстан” комплексинде өз алдына бағдарлама тийкарында ғалабалық сейиллер, мәдений бағдарламалар ҳәм миллий дәстүрлерди сәўлелендиретуғын илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Бундай илажлар халқымыздың бай мәдений мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, миллий үрп-әдетлер, өнерментшилик, миллий тағамлар ҳәм көркем өнер үлгилерин көрсетиў арқалы жәмийетте миллий мақтаныш сезимин күшейтиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, түрли аймақлардан келген пуқараларды бир майданға жәмлеп, байрамның улыўмахалықлық руўхын және де беккемлейди.

Наўрыз – тек ғана байрам емес, ал халқымыздың тарийхый естелиги, руўхый қәдириятлары ҳәм миллий өзлигин сәўлелендиретуғын уллы дәстүр. Мың жыллардан берли белгиленип киятырған бул байрам жақсылық, жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик идеяларын өзинде жәмлеп келмекте.

Бүгинги күнде Наўрыз халқымыз турмысында тек ғана әййемги дәстүр сыпатында емес, ал жәмийетти ийгиликли мақсетлер жолында бирлестиретуғын әҳмийетли руўхый күш сыпатында өз әҳмийетин сақлап келмекте.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

 ӨзА