«Ҳудудгаз Қарақалпақстан»: тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыў тәмийинленбекте

19

Тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен үзликсиз түрде тәмийинлеў газ тәмийнаты тараўының тийкарғы ўазыйпасы саналады.

Өткен 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде халықты тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеўде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийинаты филиалы тәрепинен алдын ала белгилеп алынған режеге тийкарланып кең көлемли жумыслар алып барылған. Қала ҳәм районлардағы газ тәмийнаты менен байланыслы машқалалы аймақларда қурылыс-реконструкциялаў жумыслары алып барылыўының нәтийжесинде тәбийғый газди халыққа бир тегис жеткерип бериўге ерсилди.

Быйылғы жылы да бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип тутыныўшыларды қәўипсиз газ бенен тәмийинлеўдиң барлық илажлары әмелге асырылмақта.

– Шымбай районында ҳәзирги ўақытта районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен аўыл арасындағы газ тармақларын тәртиплестириў, қос қатар газ тармақларын бир тармаққа жалғаў ҳәм газ бөлистириў станцияларынан қабыллап алынған газ бенен хожалықларға жеткерип берилген тәбийғый газдиң арасындағы жоғалтыўлардың алдын алыў бойынша жумыслар баслап жиберилген, – дейди  «Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы газ тармақларынан нәтийжели пайдаланыў бөлиминиң жетекши инженери Р.Ғаррыбаев.

Бул бағдардағы жумыслар Қоңырат районындағы Рәўшан аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да алып барылмақта. Усы районнан ең узақта жайласқан аймақта 600 ден аслам хожалық жайласқан болып, бул аймақ «Рәўшан» автоматластырылған газ бөлистириў станциясы арқалы тәбийғый газ бенен тәмийинленеди. Ҳәзирги ўақытта аўыл арасындағы газ тармақларының жер асты өткеллерин жер үстине шығарыў, тәртипсиз газ тармақларын тәртиплестириў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Тараў қәнигелери тәрепинен ҳәзирден баслап газ тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ең дәслеп тутыныўшыларға бир тегис үзликсиз тәбийғый газ жеткерип бериўди жақсылап, олардың тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыўы тәмийинленеди.

Бул бағдардағы жумыслар басқа районларда да қолға алынған.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги