2026-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар себепли инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, жәмийетте тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын, социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў жолында үлкен қәдемлер тасланбақта. Булардың барлығы әййемги тарийх ҳәм дәстүрлерге ийе болған шығысқа тән жаңа жыл байрамы – Наўрыздың адамгершилик мәниси, оның кеңпейиллик, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт сыяқлы әзелий қәдириятларының әҳмийетин және де жоқарылатпақта.
Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған шын мәнисиндеги тарийхый өзгерислерге сәйкес түрде, мәнис-мазмуны барған сайын тереңлесип атырған Наўрыз әййямын барлық қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде улыўмахалықлық сейил сыпатында, жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежеде ҳәм көтериңки руўхта белгилеў мақсетинде қарар етемен:
- 2026-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шөлкемлестириўши комитет (А.Арипов) бир ҳәпте мүддетте:
а) Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Мәденият министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы ҳәм “Нураный” қорының усынысына бола Наўрыз улыўмахалықлық байрамының идеялық мазмунын күшейтиўге байланыслы концепцияны (кейинги орынларда – Концепция) тастыйықласын;
б) Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайлары, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамын мүнәсип белгилеў бойынша “Наўрызды улығлаў – инсанды улығлаў!” деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый ҳәм үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасын тастыйықласын ҳәм оның әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Орынларда Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышланған барлық илажларды Концептте баян етилетуғын тийкарғы бағдар ҳәм усынысларға муўапық жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, оларда ўатанласларымыздың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
а) байрам илажларын турмыстың ояныўы, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлеслик, ана жерге меҳир ҳәм итибарды сәўлелендиретуғын, ўатанласларымызды тыныш ҳәм парахат турмысымызды қәдирлеп, суў ҳәм жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланып, шүкиршилик сезими менен жасаўға шақыратуғын тәсиршең мазмун ҳәм формада өткериў;
б) мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли демократиялық реформалар, халқымыздың күнделикли турмысында, сана-сезими ҳәм дүньяқарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер, өз-ара бирлик ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлери әсиресе Наўрыз күнлеринде айқын көринетуғынын үгит-нәсиятлаў;
в) быйылғы Наўрыз мүбәрек Рамазан ҳайыты байрамы менен үнлес түрде белгилениўи оның инсаныйлық принциплерин және де күшейтетуғынын есапқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме қәдирлеў, “Меҳрибанлық,” “Сақаўат” ҳәм “Мүриўбет” үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, олар ушын байрам дастурханларын шөлкемлестириў және ҳәр қыйлы қайырқомлық илажларын мәҳәлле белсендилери, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлескенлик пенен өткериў;
г) “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан барлық аймақларда, көше ҳәм майданларда, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларын өткериў, “Мен де нәл екемен” акцияларын, улыўма халықлық шембиликлерин шөлкемлестириў;
д) жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў мақсетинде елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери, дәстүрлери ҳәм қәдириятларын кеңнен көрсетиў;
ж) байрам илажлары даўамында өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткериў, китап көргизбелери, арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ярмаркалары, көшпели саўда дүкәнларын шөлкемлестириў, бәҳәрги тағамларды таярлаў ҳәм бул бағдарда көргизбели саўда ҳәм таңлаўларды шөлкемлестириў;
з) барлық қала ҳәм аўылларда өткерилетуғын байрам салтанатларында, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақта оны белгилеўге байланыслы үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди кеңнен сәўлелендириў;
и) Ташкент қаласындағы “Жаңа Өзбекстан” комплексинде айрықша бағдарлама тийкарында халық сейиллерин шөлкемлестириў.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық орайы (О.Хасанов), Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Концепцияға муўапық Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған тийкарғы концерт тамашасының бағдарламасын ислеп шықсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) бир ҳәпте мүддетте Наўрыз улыўма халықлық сейиллерин өткериў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын аймақлық илажлар бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
- i) улыўма халықлық сейиллер шөлкемлестирилетуғын тийкарғы майданлар, көше ҳәм қыябанларды байрамға сай безеў;
- ii) сейил ҳәм тамашаларды жергиликли тәжирийбели сценаристлер ҳәм режиссёрлар, композиторлар, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнери ўәкиллери менен биргеликте жоқары көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көриў;
iii) байрам илажлары шеңберинде ҳәр бир аймаққа тән болған халық ойынлары, тамашалар, көргизбелер өткерип, бәҳәр тағамлары сатылатуғын ашық асханалар шөлкемлестириў;
б) байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда, көшелер, майдан ҳәм парклерди безеўде маман қәнигелерден ибарат дөретиўшилик топарларды кеңнен тартсын;
в) барлық илажлар жәмийетлик қәўипсизлик талапларына қатаң әмел еткен ҳалда өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өткерилетуғын байрам илажларының қәрежетлери:
а) Ташкент қаласында – республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджети қаржылары есабынан тең үлеслерде;
б) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан қапланады.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, “Дунё” мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 6-март